Бүгин Елликқала районы «Әмирабат» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Өзбекстан мусылманлары басқармасы Қарақалпақстан мусылманлары қазыятына қараслы «Сафо» жәмәәтлик мешити пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда район ҳәкими С.Авезов ҳәм Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Ш.Бауаддинов шығып сөйлеп, жаңа мешиттиң пайдаланыўға тапсырылыўы менен аймақ турғынларын қутлықлады.

 

Мешитте 500 намазхан ушын зәрүр болған барлық шараятлар жаратылған. Сондай-ақ, бул жерде китапхана да жумыс алып бармақта. Мешит төртмүйешли формада болып, оның қысқы намазханасының төбесинде гүмбез бой тиклеген.

Илажда мешиттиң қурылыс жумысларына өз жәрдемин берген адамларға миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.