2020-2021-оқыў жылы ушын бакалавриат ҳәм магистратура басқышында оқыўды онлайн ямаса дәстүрий тәризде баслаў бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллиги жоқары оқыў орынларының өзинде қалдырылыўы мүмкин. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиндеги дәрегине тийкарланып «Kun.uz» хабар берди.

 

Министрлик мәлимлеме хызмети қәнигеси Баҳриддин Шайвалиевтиң атап өтиўинше, 2-ноябрьден баслап барлық жоқары оқыў орынларында дәстүрий сабақлар басланыўы бойынша социаллық тармақларда тарқалып атырған хабарлар рәсмий тийкарға ийе емес.

 

– Оқыўды қай тәризде (онлайн ямаса дәстүрий) баслаў бойынша өткерилген сораўнама өз жуўмағына жетти ҳәм жуўмақлаўшы қарар жақын арада жәрияланады. Қандай қарар қабыл етилсе де студентлерге таярлық ушын белгили бир ўақыт бериледи, – деп айтып өткен.

 

Министрликтеги «Kun.uz» дәрегиниң билдириўинше, бакалавриат ҳәм магистратура басқышында оқыўды онлайн ямаса дәстүрий тәризде баслаў бойынша қарар қабыл етиў ўәкиллиги жоқары оқыў орынларының өзинде қалдырылыўы да мүмкин. Бунда жоқары оқыў орынлары қайсы билимлендириў бағдарында оқыўды онлайн даўам еттириў ямаса дәстүрий тәризде баслаў қарарын қабыл етеди.

 

Сондай-ақ, өткерилген сораўнама нәтийжелери бойынша қатнасыўшылардың көпшилиги дәстүрий сабақларға қайтыўды сораған. Бул бойынша жуўмақлаўшы қарар усы ҳәптеде қабыл етилетуғынлығын билдирген «Kun.uz» дәреги.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.