Елимизде әмелге асырылып атырған суд-ҳуқық тараўындағы реформалардың мазмун-мәниси, мақсети – инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин, олардың нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаўдың ең әҳмийетли кепиллиги сыпатында суд ҳәкимиятының абырайын және де беккемлеў, судлардың ҳақыйқый бийғәрезлигин тәмийинлеў, оны шын мәнисиндеги әдиллик қорғанына айландырыў, күшли пуқаралық жәмийетин пайда етиўдеги орны менен ролин күшейтиў болып есапланады.

Cоңғы жылларда судлардың жумыслары ҳаққында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларын хабардар етиў мақсетинде ҳәр шеректе Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары ҳәм олардың орынбасарлары тәрепинен баспасөз конференцияларын (брифинглерди) өткериў жолға қойылған.

27-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судында жынаят, пуқаралық, экономикалық, ҳәкимшилик ислери бойынша судларының басшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында гезектеги баспасөз конференциясы болып өтти.

Баспасөз конференциясында Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы Г.Базарбаева, Ҳәкимшилик судының баслығы А.Әдилов, Экономикалық судының баслығы Г.Зарипова ҳәм Пуқаралық ислери бойынша суды баслығы К.Тарийховлар судлар тәрепинен 2020-жылдың 9 айында әмелге асырылған жумыслар бойынша толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, жынаят ислери бойынша судлары тәрепинен 9 ай даўамында 954 (өткен жылы 912) шахсқа қарата 735 (өткен жылы 744) жынаят иси көрип тамамланған. Бул көрсеткишлер айырым аймақларда, атап айтқанда, Нөкис қаласы, Беруний, Кегейли, Қанлыкөл, Қараөзек, Қоңырат, Тахтакөпир ҳәм Төрткүл районларында көбейген.

Сондай-ақ, 2020-жылдың 9 айында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда оғада аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар саны бираз азайған болса, аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслардың саны көбейген. Атап айтқанда оғада аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслар усы жылы 32 (40)ни қурап, 20 процентке азайған, аўыр жынаятларды ислеп судланған шахслардың саны усы жылы 182 (174)ни қурап, өткен жыл менен салыстырғанда 4,6 процентке көбейген.

Жынаятшылықтын алдын алыў, көбейип атырған жынаятшылыққа қарсы гүресиў жумысларын еле де жеделлестириў, ислерди дәслепки тергеў дәўиринде ҳәм судта көриўде жиберилип атырған кемшиликлерди анықлаў, оларды сапластырыў және келешекте болдырмаў мақсетинде суд әмелиятын үйрениў ҳәм анализлеў бойынша улыўмаластырыўлар суд жумысы тараўлары ҳәм жынаят ислериниң категориялары бойынша өткерип барылды. Сондай-ақ, өткерилген улыўмаластырыўлар барлық судьялар ҳәм суд хызметкерлери қатнасында додаланып, тийисли илажлар көрилди.

Судлар тәрепинен жынаят ислерин көшпели суд мәжлислеринде жәмийетшилик қатнасында талқылаў арқалы ҳалықтың кең қатламына тәрбиялық тәсир көрсетиў ҳәм сол арқалы жүз бериўи мүмкин болған жынаятлардың алдын алыў мақсетинде 155 жынаят иси көшпели суд мәжилислеринде көрилген.

Сондай-ақ, судлар тәрепинен жынаяттың тийкарғы себеплери ҳәм оны келтирип шығарған барлық шараятлар үйренилип, анықланған кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде судта көрилген ислердиң 70,7 проценти (520 ис) бойынша айрықша уйғарыўлар шығарылып, кең жәмийетшиликтиң итибарын нызам бузылыўы ҳәм оның жүзеге келиўи себеплерине қаратып, оларға қарсы гүресиўге тартыў жумыслары әмелге асырылған.

Пуқаралық ислери бойынша cудларына 9 айда өткен жылдан қалдық болып өткен ислер менен бирге қосып есаплағанда жәми 7179 (2019-жылда 6987) пуқаралық иси келип түскен. Соннан 5498 (2019-жылда 5297) пуқаралық иси көрип тамамланған болып, бул көрсеткиш өткен жылдың сол дәўирине салыстырғанда 3,8 процентке көбейген.

9 ай даўамында Қарақалпақстан Республикасы пуқаралық ислери бойынша судлары тәрепинен жәми көрип тамамланған 5498 истиң 1874 (2019-жылда 1972)и көшпели суд мәжилислеринде көрип шығылған болып, бул жәми көрилген ислердиң 34.1 (37,2) процентин қурайды.

Есабат дәўиринде көрилген ислерден өткен жылдың усы дәўири менен салыстырылғанда өзбасымшалық пенен қурылған қурылманы бузыў ҳаққында ислер 879ға, питимлер менен байланыслы ислер 122ге, жумысқа тиклеў ҳаққындағы ислер 99ға, некеден ажыратыў ҳаққындағы ислер 42ге, жер даўлары менен байланыслы ислер 11ге, ата-аналық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы ислер 2ге көбейген. Айрықша тәртипте жүргизилетуғын ислер 553ге, өзбасымшалық пенен қурылған қурылманы бузыў менен байланыслы болмаған меншик ҳуқықы менен байланыслы ислер 136ға, әкеликти белгилеў ҳаққында ислер 26ға, турақ жай менен байланыслы ислер 19ға, мийнет ҳақы өндириў ҳаққындағы ислер 12 ге, мүлкти хатлаўдан шығарыў ҳаққындағы ислер 12ге азайған.

Судлар тәрепинен 503 ис бойынша шаңарақлар сақлап қалынған, 753 некеден ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм район (қала)лық ҳәкимшилик судлары тәрепинен 9 ай даўамында әдил судлаўды әмелге асырыў, пуқаралардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў бойынша бир қанша ислер әмелге асырылды.

Атап айтқанда, судлар тәрепинен 17.084 шахстың қарсысындағы 15051 ҳәкимшилик ис көрип тамамланған болса, бул көрсеткиш, усы жылдың 9 айында 13110 шахстың қарсысындағы 11360 ҳәкимшилик исти қурап, тамамланған ислер саны 3691ге, жуўапкершиликке тартылған шахслардың саны болса 3974  ге азайған.

Соннан, 2019-жылдың 9 айында 11114 шахстың қарсысындағы 9965 ҳәкимшилик ис бойынша ҳуқықбузыўшыларға жаза қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған болса, усы жылдың 9 айында 9469 шахстың қарсысындағы 8339 ҳәкимшилик ис бойынша ҳуқықбузыўшыларға жаза қолланыў ҳаққында қарарлар шығарылған.

Қарақалпақстан Республикасы экономикалық судлары тәрепинен 3029 (2019-жылдың 9 айы даўамында 5135) экономикалық ислери көрилген. Соннан, пуқаралық ҳуқықый қатнасықларға байланыслы 2166 (1562), ҳәкимшилик-ҳуқықый қатнасықларға байланыслы 643 (3242), кәрханалар ҳәм пуқаралардың банкротлығына байланыслы 210 (308), корпоратив қатнасықларға байланыслы 10  (22) ис көрип шығылды.

Суд мәжлислериниң тәрбиялық ҳәм профилактикалық әҳмийетин арттырыў мақсетинде судьялар тәрепинен 1536 (3441) ис, яғный көрилген ислердиң 50,1 проценти көшпели суд мәжлислеринде көрип шығылды.

Сондай-ақ, республика бюджетине 4 млрд. 351 млн. (8. млрд. 783 млн.) сум мәмлекетлик бажы пулы өндирилген.

Ықтыярый төленген мәмлекетлик бажы пулының муғдары биринши инстанция судында 793 млн. (915 млн.) сумды қураған.

Банкрот деп табылған 195 (305) кәрхананың бүгинги күнде 154 (183)и  мәмлекетлик дизимнен шығарылды.

Конференцияда жынаятшылықтың алдын алыў жумысларында тийисли уйымлар менен бир қатарда кең жәмийетшилик ўәкиллериниң, атап айтқанда,  ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң айрықша орны бар екенлиги атап өтилип, бул жумысларды жеделлестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги