Быйыл халқымыздың марҳум бүлбилзибан қосықшысы Даўытбай Қайыповтың туўылғанына жетпис жыл толды. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында Қарақалпақстан Республикасы  Мәденият министрлиги ҳәм Даўытбай Қайыпов атындағы жәмийетлик фонд тәрепинен еслеў кешеси шөлкемлестирилди.

Кешеге елимиздиң зыялы дөретиўшилери, Д.Қайыповтың ҳәр қыйлы буўындағы ықласбентлери, көркем өнер ғайраткерлери, сондай-ақ, жас атқарыўшылар менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары А.Нийетуллаев ашты ҳәм алып барды.

Онда Республикалық руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы баслығы Қ.Юсупов, Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров ҳәм елимиздиң белгили устаз атқарыўшылары шығып сөйледи.

Илажда атап өтилгениндей, буннан 45 жылдай бурын 26 жасында дүньядан өткен ширели ҳаўаз ийесиниң изинде қалдырған дөретиўшилик мийраслары мине,  соннан берли нешше дүркин әўладларға, мың-мыңлаған кеўиллерге заўық, күш-жигер бағышлап, руўхый мәдеткәр болып келмекте. Жақсылыққа шарлап, сулыўлыққа сүйсиндирип, сезимлерге қозғаў салатуғын бул жипек ҳаўаз кимлерди таң қалдырмаған дейсиз. Республикамыз жәмийетшилигиниң қоллап қуўатлаўында ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылынан баслап Д.Қайыповтың ҳүрметине өткерилип киятырған «Бүлбилзибан» таңлаўына атқарыўшыларды қамтыў жумыслары 2006-жыл 15-августта «Даўытбай Қайыпов жәмийетлик фонды»ның ашылыўы менен және де кең ен жайды. Бул таңлаўдың әҳмийети оғада жоқары болып, ол атқарыўшылық сахналарын заманға сай жаңа репертуарлар менен байытып халқымыздың қосықшылық өнерин раўажландырыўға хызмет етип келмекте.

Кешениң соңғы бөлими Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық артистлери, Хызмет көрсеткен артистлер ҳәм жас атқарыўшылардың Д.Қайыпов атқарған қосықлар гүл дәстесинен ибарат концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Даўытбай Қайыпов атындағы жәмийетлик фондтың баслығы Б.Қайыповтың мәлим етиўинше, Даўытбай Қайыповтың гезектеги «Бүлбилзибан» 7 Республикалық таңлаўы келеси жылдың бәҳәр айларында болып өтеди.

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги