22–октябрь күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Корея импортшылар ассоциациясы (KOIMA) арасында онлайн ушырасыў болып өтти.

Корея импортшылар ассоциациясы 1970-жылы Корея Республикасы ҳүкиметиниң қарары менен шөлкемлестирилген. Кореялы импортшылар, дистрибьюторлар, сырт ел ислеп шығарыўшылары ҳәм жеткерип бериўшилер ўәкиллери ассоциациясы болған усы шөлкем жумысының тийкарғы мақсети товар, шийки зат ҳәм хызметлер импортын жеңиллетиў болып есапланады.

Форумда Өзбекстан Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов Өзбекстан ҳәм Корея исенимли шериклер екенин атап өтти.

4.JPG

– Еки мәмлекет Президентлериниң жеке басламасы  ҳәм ҳәрекетлери себепли өз-ара қатнасықлар тек ғана саўда-экономикалық, инвестициялық емес, ал илимий, технологиялық, социаллық-мәдений, интеллектуал бирге ислесиў тараўларында да избе-из раўажланбақта. Даўам етип атырған глобал кризиске қарамастан, мәмлекетлеримиз арасындағы мүнәсибет унамлы өзгерислерди көрсетпекте.

Корея импортшылар ассоциациясының (KOIMA) баслығы Хонг Кван Хи мәмлекетлеримиз ўақыт сынағынан өткен стратегиялық шериклер екенин атап өтип, биргеликтеги жумыслар нәтийжесинде саўда-экономикалық қатнасықлар барлық бағдарларда избе-излик пенен раўажланып атырғанына итибар қаратты.

Ушырасыўда еки тәреплеме пайдалы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Корея арасында товар алмасыўды буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды.

2.JPG

Бул ушырасыў исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, атап айтқанда, халықаралық  саўда  ушын қолайлы шараятлар жаратыўға хызмет ететуғынын атап өтиў зәрүр.

Бизге белгили, Өзбекстанда ислеп шығарылып атырған жоқары сапалы өнимлерди дүнья базарына шығарыў, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалынан өнимли пайдаланыўға қаратылған сиясат  себепли кейинги жылларда тек экспорт  географиясы кеңейип қалмастан, ал өнимлердиң түри ҳәм көлеми де артпақта. Мәселен, соңғы еки жылда Өзбекстан көплеген шерик мәмлекетлер қатары Қубла Кореяға да азық-аўқат ҳәм жеңил санаат өнимлери экспортын жолға қойды.

1.JPG

Корея Республикасы Өзбекстанның тийкарғы саўда-экономикалық шериклеринен бири есапланады. 2020-жылдың сегиз айы даўамында өз-ара саўда айланысы 1 миллиард 449 миллион долларды қурағаны да Қубла Корея Өзбекстан сыртқы экономикалық жумысында әҳмийетли орынға ийе екенлигин көрсетеди.

Өзбекстанның экспорт-импорт әмелиятында кореялы компаниялар да оғада әҳмийетли роль атқармақта. 2020-жыл 1-октябрь жағдайына бола, мәмлекетимизде корейс капиталы қатнасыўында 863 кәрхана жумыс алып бармақта. Өзбекстан экономикасына ҳәзирге шекем Корея Республикасы киргизген улыўма инвестициялардың муғдары 7 миллиард доллардан артты.

Форумда еки мәмлекет арасында өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, мәмлекетлеримиз ислеп шығарыўшылары арасындағы қатнасықларды беккемлеў, Өзбекстан экспортшыларының Корея базарына шығыўын қоллап-қуўатлаў мәселелери де додаланды.

 

С.РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы