Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында 34 гектар, «Өзбекстан» гүзары (алдынғы «Төрткүл» гүзары) бойында 28 гектар ҳәм «Дослық» (бурынғы «Қызкеткен») каналы бойында 28 гектарлық жерде халықтың дем алыўы ушын қосымша шараятлар жаратылып, жаңа хызмет көрсетиў орынлары пайда болады.
Олар арасында экобазар, үлкен карусель ҳәм 35 метр бийикликке атылатуғын музыкалы фонтан да бар.
Нөкис қаласы ҳәкимлиги «Өзбекстан» гүзары бойында жайласқан исбилерменлик субъектлери ҳәм халқымызды бирге ислесиўге шақырады.
«Өзбекстан» гүзары
Экобазар
«Истиқлол» балалар дем алыў орайы
«Дослық» (бурынғы «Қызкеткен») каналы бойы
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.