Бүгинги күнде исбилерменликти қоллап-қуўатлаўға, киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Исбилерменлик субъектлерине лицензия бериў тәртибине де бир қанша өзгерислер киргизилип, соның ишинде «аффинаж» жумысы менен шуғылланыў тәртипке салынды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Аффинаж жумысын лицензиялаўды тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. «Аффинаж» жумысы быйылғы жылдың 15-мартынан баслап Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик негизги дәрежесин белгилеў палатасы тәрепинен берилетуғын лицензия тийкарында юридикалық шахс тәрепинен әмелге асырылады. Лицензия тек мәмлекетлик хызметлер орайлары ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы арза бериў тәртиби менен бериледи.

Лицензиялаўшы уйым усынылған арзаларды қабыл еткен күннен баслап лицензия бериўди 5, лицензияның әмел етиў мүддетин созыў, оны қайта рәсмийлестириўди 2 жумыс күнинде ҳәм жумысын өз ықтыяры менен тоқтатыў процесин 8 саат ишинде әмелге асырады.

Арзаны көрип шығыў ушын ең кем базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарындағы жыйым және бажы төлемлери өндириледи. Егер арза Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы жиберилгенде жыйым ҳәм бажы төлеми белгиленген муғдардың тек 90 проценти төленеди.

«Аффинаж» жумысын әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензия 10 жылға, кейин ала созыў мүддети менен бериледи.

Еслетип өтемиз, «аффинаж» металлургия санаатында кең қолланылатуғын термин болып, айырым аўыр металларды ҳәр қыйлы араласпалардан тазалаў процесин аңлатады.

Д.БЕКБАЎЛИЕВА,

Нөкис қаласы Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнигеси.

Қарақалпақстан хабар агентлиги