21-октябрь – өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыўы ҳәм «Өзбек тили байрамы күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызамға муўапық усы жыл дәслепки мәрте елимиз көлеминде өзбек тили байрамы кең түрде белгиленбекте.

Бажыхана уйымлары жумысларында да өзбек ҳәм қарақалпақ тилинен дурыс және таза, әдебий тил қағыйдаларына әмел еткен ҳалда пайдаланыўға ҳәрекет етилмекте.

Бажыхана басқармасында усы сәне мүнәсибети менен белгили жазыўшылар менен шайырлардың қатнасыўында «Мәмлекетлик тилди қәстерлеп сақлаў, абырайын арттырыў, мәмлекетлик тилде жумыс алып барыў тәртиплерине әмел етиў» темасында басқарма жеке қурамы менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Республикалық Мәнаўият орайы хызметкерлери, Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери, шайыр Ш.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист Х.Қабуловлар шығып сөйлеп, өзбек тилиниң раўажланыў тарийхы, туўысқан тиллер есапланған өзбек ҳәм қарақалпақ тиллериниң уқсаслығы ҳәм өзгешеликлери, басқа тиллерден кирип келген сөзлерден дурыс пайдаланыў, соның менен бирге, тилдиң тазалығын сақлаў бойынша мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, өз дөретпелеринен оқып берип, хызметкерлердиң мәмлекетлик тилде ис жүргизиў нормаларына қатаң әмел етиўи, өзбек тилиниң мәмлекетлик тил сыпатында абырайын арттырыўға қаратылған илажлар бойынша пикир алысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги