Усы жыл 15-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының басламасы менен Елликқала районында  пуқараларды көшпели қабыллаў болды.

Илажда райондағы 4 сектордың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм районлық Кеңестиң депутатлары, кәрхана, мәкеме, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Көшпели қабыллаў барысында пуқаралардан тийкарынан емлениў, коммерциялық банклерден кредит алыў, жумысқа орналасыў, турақ жай менен тәмийинлеў, жолларды оңлаў, ишимлик суўы, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм коммуналлық хызметлер бойынша мүрәжатлар келип түсти. Мәселен, райондағы «Сахтиён» посёлкалық пуқаралар жыйыны турғыны Икрам Йулдашев электр тәмийнаты. «Ақшакөл» аўылынан Жәҳәнгир Рустамов қәнигелеги бойынша жумысқа орналасыў, район орайынан Данахан Қурбанова кредит алыў, Зулфия Юсупова емлениў, «Әмирабат» аўылынан Муқаддас Султанбаева саўда дүканы ушын жер орын алыў мәселелеринде мүрәжат етти. Олардан 21 мүрәжат сол жердиң өзинде шешимин тапты. Қалған ўақыт талап ететуғын 18 мүрәжат тийисли тараў басшыларына тапсырылды ҳәм орынланыўы Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Көшпели қабыллаўдан соң район ҳәкими Сейдамат Авезов, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының ўәкиллери бир қатар кәрханалардың жумысын, олардағы бәнтлик мәселесин көзден өткерди. Социаллық жәрдемге мүтәж жаслар, «темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың жағдайлары менен танысты. Олар тәрепинен билдирилген машқалалардың шешими бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилип, жасларға саўғалар тапсырылды.

Райондағы «Бостан мега текстиль», «Бостан оптимал текстил» кәрханаларында, «Эксим голд» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы ыссыханада, район орайындағы «Жаслар мийнет гүзары»нда болып, бул жерде мийнет етип атырған ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен сәўбетлести. Олардың машқалалары үйренилип, сапластырыў илажлары көрилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги