2021-2022-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында Өсимликлер ҳәм аўыл хожалығы өнимлери карантини тәлим бағдары бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады.

 

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өсимликлер карантини бойынша мәмлекетлик хызмет жумысларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарында атап өтилген.

 

Сондай-ақ, қарарға муўапық, аграр университетиниң Нөкис филиалында Өсимликлер карантини илимий-изертлеў орайының заманагөй лабораторияларға ийе болған аймақлық филиалы шөлкемлестириледи.

 

2021-2022-оқыў жылынан баслап барлық аўыл хожалығына қәнигелескен профессионал билимлендириў мәкемелеринде «Өсимликлерди қорғаў лаборанты» ҳәм «Өсимликлерди қорғаў ҳәм карантин агрономы» сыяқлы қәнигеликлер бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.