Қарақалпақстан Республикасының шетки аймағында жайласқан Жаслық станциясына шекем баратуғын жолаўшылар ушын қолайлық жаратыў мақсетинде усы жылдың октябрь айында қосымша жолаўшы поездларының қатнаўы әмелге асырылады. Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жоллары» АЖ баспасөз хызмети хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, 484-санлы жолаўшы поезди 2020-жылдың 15-, 19-, 22-, 25-, 29- ҳәм 30-октябрь күнлери Ташкент орайлық вокзалынан саат 23:20 да жолға шығады. Усы поезд ҳәрекети даўамында Самарқанд, Бухара, Мискин, Қоңырат вокзаллары арқалы өтип, Жаслық станциясына шекем барады.

 

Жолаўшылар билетлерди электрон формада да сатып алыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.