ӨзР Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги 2021-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў ўақтында қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққындағы президент пәрманының жойбарын жәриялады.

 

Атап айтқанда, 2021-жылда төмендеги қосымша дем алыс күнлерин белгилеў усыныс етилмекте:

 

– 2-сентябрь – пийшемби;

– 3-сентябрь – жума.

 

Сондай-ақ, Наўрыз байрамын белгилеў мүнәсибети менен 27-марттағы дем алыс (шемби) күнин 22-март (дүйшемби) күнине көшириў белгиленген. Солай етип, 27-март – жумыс күни, 22-март болса – дем алыс күни болады.

 

Соның менен бирге, 2-январь (шемби), 4-сентябрь (шемби) ҳәм 22-март (дүйшемби) күнлери барлық хызметкерлер ушын жумыс ҳәптесиниң түрине қарамастан (5 күнлик ямаса 6 күнлик), дем алыс күни болады.

 

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, бюджет мәкемелери ушын қосымша дем алыс күнлери ҳәр жылдағы мийнет дем алысының даўамлылығын еки жумыс күнине қысқартыў есабынан қапланады. Бунда мийнет дем алысының даўамлылығы 15 жумыс күнинен кем болмаўы керек.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.