Быйылғы оқыў жылынан баслап Президент Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен ҳаял-қызлардың жоқары билим алыў имканиятын кеңейтиў мақсетинде 4 процентлик мәмлекетлик грант тийкарында квота ажыратылғаны елимизде ҳаял-қызлар ушын үлкен имканият болды.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм оның районлардағы бөлимлери тәрепинен улыўма 2 мың 733 ҳаял-қызлардың мүрәжатлары көрип шығылып, соннан 1370 ҳаял-қызға жумысшы топардың шешимлери тийкарында усыныснама берилди.

Министрлик мәлимлеме хызметиниң бизге хабар бериўинше, 2020-2021-оқыў жылы ушын ҳаял-қызларға ажыратылған 4 процентлик қосымша мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлериниң аймақлар кесиминдеги бөлистирилиўи бойынша Қарақалпақстан Республикасы ушын улыўма 53 орын ажыратылған.

 

– Быйыл Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң шет тили ҳәм әдебияты бакалавр тәлим бағдарына ҳүжжет тапсырдым. Тест нәтийжелерине муўапық, 176,5 балл топладым. Ең соңғы грант 176,6 балл болған еди. Мениң грант тийкарында студент болыўыма 0,1 балл жетпей турған еди, – дейди шоманайлы Шахноза Қойлыбаева. – Ата-анама қалай айтарымды билмедим. Оларды артықша қыйнаў нийетим жоқ еди. Енди контрактта оқыйман ба? деген екилениў бар еди. Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген қарарға муўапық, 4 процентлик қосымша мәмлекетлик гранты тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери тийкарында грантқа кирдим. Мен оғада қуўанышлыман, ата-анам да қуўанып қалды. Буның ушын Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинен де шексиз миннетдарман.

 

Қарақалпақстаннан усы имканият тийкарында оқыўға кирген ҳаял-қызлардан 11 и Қарақалпақстан медициналық институтына, 27 си Қарақалпақ мәмлекетлик университетине, 7 ўи Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына ҳәм қалғанлары Ташкент, Самарқанд, Үргениш қалаларындағы жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабыл етилди.

Бүгин, 13-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде грант тийкарында студент болған ҳаял-қызларға министрликтиң қутлықлаўы салтанатлы түрде тапсырылды.

Илажда Қарақалпакстан Республикаси Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, министрдиң биринши орынбасары М.Аҳмедова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ҳаял-қызларға кейинги оқыўларында табыслар тиледи.


Мағлыўмат ушын, өткерилген тест сынақлары нәтийжелерине муўапық, усы жеңилликке ийе болған абитуриентлердиң топлаған балына қарай Қарақалпақстан Республикасында өтиў балы 154,5 баллды қурады.

Усы көрсетилген балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриент ҳаял-қызлар жоқары оқыў орынларына грант тийкарында оқыўға қабылланды. Оннан төмен балл топлаған абитуриентлерге болса 4 процентлик жеңиллик қолланылмады. Олар улыўмалық таңлаўда қатнасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген сүўретлери.