Халықтың пикир ҳәм өтинишлери үйренилип, Мәмлекетлик хызметлер агентлиги жумыс күнлерин көбейттирди.

Ендигиден былай ҳәр шемби күни 9.00 ден 15.00 ге шекем Мәмлекетлик хызметлер орайлары Сизлерге хызмет көрсетиўге таяр.

Хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары-не дейсиз бе?

Әлбетте, қорғалады. Яғный 1-3 хызметкердиң жумыс күнлериндеги күнлик жумыс сааты ықтыярлы рәўиште 8 сааттан 7 саатқа қысқартылып, хызметкердиң жумыс ўақтының нормал мүддети ҳәптесине 40 сааттан зыят болмайды.

Түсиндирме: Ҳәр ҳәптеде хызметтен пайдаланыўшылардың ағымы талланып барылады. Егер турақлы түрде шемби күнлери пуқаралардың келиўи көзге тасланбаса, демек, усы Орайларымызда хызмет көрсетилмеўи мүмкин.

 

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан

Республикасы басқармасының жәмийетшилик

ҳәм ҒХҚ менен байланыслар

бөлими.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги