Қарақалпақстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң ӨзА хабаршысына мәлим етиўинше, Кореяның еки – Инчеон Миллий университети ҳәм Ҳалла университети, Малайзияның UCSI университети және Ҳиндстанның үш – Шарда, Жайпур Манипал ҳәм LNCT университетлериниң филиалларын ашыў усыныс етилген.

 

Хабар берилиўинше, Өзбекстан Республикасының Кореядағы елшиханасы және Корея ҳәм Өзбекстан исбилерменлик шеңберлери менен биргеликте алып барылған сөйлесиўлерде Нөкисте Инчеон Миллий университети ҳәм Ҳалла университетиниң филиалларын ашыў усыныс етилген.

 

Малайзиядағы Өзбекстан елшиханасының UCSI университетиниң филиалын Нөкисте ашыў бойынша сөйлесиўлерде усы университеттиң ўәкиллери филиал ашыўға қызығыўшылық билдирген.

 

Өзбекстанның Ҳиндстандағы елшиханасында алып барылған сөйлесиўлерде үш университет өз филиалларын ашыўды усыныс еткен. Булар Шарда, Жайпур Манипал ҳәм LNCT университетлери болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.