Көркем өнер сондай қүдиретли күшке ийе болып, оның халқымызды, әсиресе, келешек әўладты Ана-Ўатанымызға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы тәсир күши оғада жоқары болып табылады.

Соңғы пайытта ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бул салаға үлкен итибар қаратылып, көркем өнерди раўажландырыў, дөретиўши халқын ҳәм оған ықлас қойған жас талантлыларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, жас ҳәўескер дөретиўшилерге өз талантын жүзеге шығарыўы ушын оларға қәўендерлик етиў басламаларының берилип атырғаны бизди өз келешегимизге, көркем өнеримизге, оның тымсалында миллетимиздиң мәңги жасаўына хызмет ететуғын саўаплы ҳәм ийгиликли ислерди ислеўге шақырмақта.

Европада көркем өнердиң раўажланыўына қәўендерлик ететуғын инсанларды меценат деп атайды. Бундай инсанлар бизде, яғный, қарақалпақ топырағында да табылады, әлбетте. Тарийхый-мәдений естеликлерге оғада бай Елликқала районының турғыны Ҳажыбай Сатлиқов мине, усындай көкиреги ояў, көркем өнерге айрықша меҳир қойған, кеўли ашық, әжайып инсаный пазыйлетлерге ийе инсан болып табылады.

Ҳажыбай Сатлиқовтың Өзбекистан, Қарақалпақстан, Татарстан ҳәм Түркменстан халық артисти, устаз жыршы Атажан Худайшукуровтың  дөретиўшилигине қызығыўшылығы балалығынан-ақ, айрықша болып, өзиниң дөретиўшилик мийнет жолы даўамында оны келешек әўладқа үгит-нәсиятлаўда 1999-жылы шөлкемлестирилген  «Атажан Худайшукуров» атындағы мәмлекетлик фонд қурамының талапшаң ағзасы сыпатында пидайы хызмет етип келмекте. Мине, соннан берли Еллиққала районында усы ширели ҳаўаздың естелигине бағышлап ҳәр еки жылда «Гөззал бостаным мениң» атлы республикалық фестиваль даўамлы өткерилип келинбекте.

Туўысқан өзбек-қарақалпақ халқы көркем өнери менен әдебиятында Атажан Худайшукуров ҳәм Өзбекистан Қаҳарманы, Халық шайыры Ибрайым Юсуповтың ийелеген орны оғада салмақлы болып табылады. Сондай-ақ, еки дөретиўшиниң, яғный, әжайып сөз зергериниң қәлемине тийисли, «… Қарақалпақ-Хорезмнен есер жайҳун самаллары» деген қатарларға ийе, жыршының атқарыўындағы,  кеўиллерди айрықша толқынландырып, Ўатан туйғысы менен халықлар дослығын жырлайтуғын «Жайҳун самаллары» қосығы бүгинги күни де келешек әўладлар ушын мәдений суўсын болып хызмет етпекте.

Еллиққала районлық Мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайынан Х.Сатлиқовтың тиккелей басламасы менен 2009-жылы шөлкемлестирилген қосық ҳәм аяқ ойын ансамблине  «Жайҳун самаллары» атамасының берилиўинде де усындай үлкен символикалық мазмун-мәнис бар, әлбетте.

Талапшаң шөлкемлестириўши мине, усы өткен қысқа жыллар ишинде ансамбльдиң дөретиўшилик жумысын буннан былай да раўажландырыўда, оның репертуарын жаңа шығармалар менен байытыўда, ансанмбльге талантлы жасларды қамтыўда, республикамыз көлеминдеги таңлаўларға алып шығып, олардың талантын халқымызға таныстырыўда салмақлы жумысларды алып барды. Өз гезегинде бул дөретиўшилик жәмәәт жақсы нәтийжеге ерисип, ансамбль Өзбекистан көлеминде өткерилген бир қатар таңлаўларда сыйлы орынларды қолға киргизе баслады. Буның айқын мысалын биз «Жайҳун самаллары» ансамблиниң арадан көп ўақыт өтпей-ақ, «Халық ансамбли» статусын алғанында көриўимизге болады.

Көп қырлы устаздың дөретиўшилиги телевидение менен де тығыз байланыслы. Ол бир неше жыллардан берли жергиликли районлық («ЭТВ») телевидениеде мәденият ҳәм көркем өнер бөлимин басқарып, жас дөретиўшилерге бағышланған бир қатар көрсетиўлерге, соның ишинде, А.Худайшукуровтың естелигине бағышланған көрсетиўлер менен теле таңлаўларға қәўендерлик етип келмекте. Бул бағдарда қоңсы Хорезм ҳәм Қарақалпақстан мәмлекетлик телевидениесинде шөлкемлестирилип киятырған дүркин көрсетиўлер де усылардың қатарына киреди.

Усы жерде шөлкемлестириўшилик қәбилети жоқары болған Х.Сатлиқовтың Қарақалпақ ҳәм Хорезм халқы арасындағы мәдений байланысларды беккемлеўде белсендилик көрсетип келмекте, десек асыра айтпаған боламыз. Себеби, ол бир неше жылардан берли өзи басшылық етип киятырған «Жайҳун самаллары» ансамбли менен Хорезм қаласында болып өтетуғын ҳәр қыйлы еслеў кешелерине ҳәм таңлаўларға белсене қатнасып келмекте. Усы жылы Хорезмде болып өткен Өзбекистан, Қарақалпақстан ҳәм Түркменстан халық артисти К.Атаниязовтың жүз жыллық юбилейине бағышланған еслеў кешесине ансамбльдиң Республикамыздың атынан қатнасқаны пикиримизди айқын дәлиллейди.

Сондай-ақ, Еликқала тарийх ҳәм археология музейи бүгинги күни халқымыздың ҳәм елимизге келип атырған туристлердиң дыққат-итибарын тартпақта. Республикалық «Алтын мийрас қоры» Төменги Әмиўдәрья аймағы бойынша жәмийетлик ўәкил сыпатында да жумыс ислеп атырған талапшаң Х.Сатлиқовтың усы музейде тарийхый Хорезм топырағында дүньяға келген, А.Худайшукуровтың устазы, бийтәкирар талант ийеси К.Атаниязовқа бағышланған экспонатлар мүйешин шөлкемлестиргени де оның гезектеги көркем өнерге, халқымызға ҳәм келешек әўлад ушын ислеген қәўендерлик  ислериниң және бир айқын көриниси болды.

Соңғы пайытлары Елбасшымыз тәрепинен китап өнимлерин басып шығарыўды ҳәм китапқумарлықты ғалаба ен жайдырыў бойынша бир қанша илажлар әмелге асырылмақта. Х.Сатлиқовтың бир-бири менен тығыз байланыслы болған көркем өнер менен бирге, әдебиятқа, китапқумарлыққа қызығыўшылығы да жоқары. Киндик қаны тамған топыраққа  болған шексиз муҳаббат, тарийхқа, ата-бабалардың мийрасын үйрениўге болған қызығыўшылық оны өзи туўылып өскен Сарабий аўылы туўралы китап жазыўға илҳамландырды. Нәтийжеде 2011-жылы оның «Сарабий тарийхынан көринислер» атлы китабы баспадан шықты.

Жуўмақлап айтқанда, дөретиўшилик мийнет жолы даўамында «Өзбекконцерт» мәмлекетлик мәкемеси аймақлық бөлими, Еллиққала районлық Мәденият бөлими ҳәм усы саланың ҳәр қыйлы орынларында минсиз хызмет етип, халыққа, әсиресе, көркем өнер саласына кирип киятырған келешек әўлад ўәкиллерине устазлық етип киятырған Х.Сатлиқов дерлик алпыс жасты қаралап қалған болса да, еле де тынымсыз дөретиўшилик пенен излениўде. Быйыл шөлкемлестирилгенине қырқ жыл толған Еллиқала районының қутлы тойында қырқтағы қыршыллама жигиттей жуўырып-жортып жүргени оған қандай жарасықлы. Арамыздағы соңдай инсанлардың унамлы ҳәрекетлери ҳәр биримизге ибрат болатуғыны, сөзсиз.

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги