Жынаятшылықтың алдын алыўда ең дәслеп жас өспиримлер менен ислесиўде зәрүрли илажларды әмелге асырыў талап етиледи. Сонлықтан жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға қаратылған «Биз жынаятшылыққа қарсымыз!» сүрени астында тийисли уйымлар менен биргеликте турақлы түрде илажлар өткерилип келинбекте.

Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Миллий гвардия басқармасы, прокуратурасы ҳәм тийисли шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат жумысшы топар дүзилди.

– Мәҳәлле тек пуқаралық жәмийетиниң тийкары болып қалмастан, соның менен бирге, жаслар тәрбиясы орайы болып табылады, -дейди «Ватанпарвар» МПЖ баслығының орынбасары Райхан Бекниязова.

– Мәҳәллелерде жынаятшылықтың алдын алыў бойынша жол карталары ислеп шығылып, ўазыйпалар белгилеп берилген. Илажлар «Қәўипсиз қала» концепциясы тийкарында алып барылмақта, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасы бас инспекторы Мурат Бийсенов. – Алдын судланған пуқаралар, Ишки ислер уйымларының профилактикалық есабында турған шахслар менен турақлы түрде сәўбетлесиўлер өткерилмекте. Ҳәр бир инспектордың өзиниң аймағы белгиленген болып, егер онда қандайда бир ҳуқықбузарлық исленген болса, оның себеплери анықланады. Соң мәҳәлле белсендилери арасында талқыланып, келешекте бундай жағдай жүз бермеўи ушын илажлар көриледи.

Өткерилген изертлеўлерге қарағанда, республикамызда жынаятшылықтың саны быйылғы жылдың өткен дәўири ишинде 352 ге ямаса 41,2 процентке артқан. Олар 198 мәҳәлледе, яғный, 47,9 процентинде жүз берген.  Усындай аўыр криминологиялық жағдайдағы аймақларда профилактикалық илажлар күшейтилип, бирде-бир жынаят жүз бермеген мәҳәллениң тәжирийбесин енгизиў жумыслары жолға қойылады.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги