«Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ Қараөзек районлық филиалы тәрепинен райондағы «Ғәрезсизлик» МПЖ аймағындағы Бердақ көшесине ишимлик суўы тартылмақта.

 

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул арқалы аймақтағы 60 тан аслам шаңарақлар таза ишимлик суўы менен тәмийинленеди.

– Жақында аймағымызда Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәсләҳәтшиси қатнасыўында халықтың мүрәжатлары қабылланған еди. Көшемиз турғынлары менен таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў мәселесинде жәрдем сораған едик. Мине, көп узамай мүрәжатымыз орынланып атыр. Жаратылып атырған шараятлардан миннетдармыз, – дейди Бердақ көшесиниң турғыны Қалбай Айтмуратов.

Сондай-ақ, райондағы «Қараөзек», «Қуралпа», «Мәденият» АПЖ аймақларында халықтың суўға болған талабын қанаатландырыў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде артезиан қудықлар қазылмақта.

«Өзбекгидрогеология» МУК тәрепинен районда улыўма 34 артезиан қудық қазыў жобаластырылған болып, ҳәзирги ўақытқа шекем 11 орында бурғылаў жумыслары әмелге асырылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.