Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминде Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-февраль күнги «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын буннан былай да қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, атап айтқанда, «Ҳаял-қызлар дәптери»ниң жүргизилиўине бағышланған семинар болып өтти.
Cеминарға райондағы пуқаралар жыйынлары баслықларының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-мәнаўий мәселелер бойынша орынбасарлары қатнасты. Семинар қатнасыўшыларына «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилгенлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларға жәрдем бериў бойынша усыныслар берилди.

Хабарыңыз бар, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ҳаял-қызларға жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етиў тәртиби белгиленген еди. Усындай имканият себепли Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң усынысы тийкарында 2 қыз мәмлекетлик грант тийкарында жоқары оқыў орынларына қабыл етилип, студент болыў бахтына миясар болды.

– Бизге жаратылған бундай имканияттан төбемиз көкке жетти. Себеби, Жоқары оқыў орнының студенти болыў ең үлкен мақсетим еди. Келешекте, жақсы оқып, керекли билимлерди ийелеп, елимиздиң раўажланыўы ушын үлес қосатуғын кадр болып жетилисиўге ўәде беремен,-дейди студент  Д.Тўрабаева.

Семинарда бул бағдардағы жумысларды және де жеделлестириў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, оған қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги