Республикалық Ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң теннис кортында юридика техникумына ҳүжжетлерин тапсырған абитуриентлер ушын тест сынағы болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Юридика колледжи негизинде шөлкемлестирилген Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Юридика техникумына быйылғы оқыў жылында 312 оқыўшының қабыл етилиўи режелестирилген.

Орта арнаўлы киши юрист қәнигелерди таярлайтуғын Қарақалпақстан Республикасы Юридика техникумына 690 талабан 3 бағдар бойынша өз ҳүжжетлерин тапсырған болып, олардың тест сынақларын нәтийжели тапсырыўы ушын қолайлы мүмкиншиликлер жаратылды.

Өзбекстанның ҳәр бир аймағында биреўден шөлкемлестирилген Юридика техникумларының тест сынақлары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен өткерилиўи белгиленген.

Усы жыл 5-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Юридика техникумында тест сынақларының биринши сменасы басланып, онда 420 абитуриент қатнасты. Абитуриентлер ушын сынақлар тарийх ҳәм шет тилинен болып өтти. Ишки ислер министрлиги хызметкерлери тәрепинен олардың ҳүжжетлери тексерилип киргизилди. Абитуриентлер ушын ашық майданда аралықты сақлаған ҳалда орынлар таярланып, оларға маска, қолғаплар тарқатылды. Тест сынақларын Халық билимлендириў министрлиги ўәкиллери қадағалап барды.

Билим дәргайына қабыл етилетуғын 312 талабанның 12си мәмлекетлик грант тийкарында тәлим алады. Бул жерде билим алыў мүддети 2 жыл болып, усы дәўир аралығында белсендилик көрсеткен, айрықша баҳаларға оқыған оқыўшылар Ташкент мәмлекетлик Юридика университетине тест сынақларысыз сәўбетлесиў арқалы 2-басқыштан оқыўға қабыл етиледи. Техникум питкериўшилери нотариус жәрдемшиси, ПҲАЖ бөлими инспекторы, Мәмлекетлик хызметлер орайының қәнигелери, судья жәрдемшиси сыяқлы 90 ға шамалас қәнигеликлерде жумысын алып барыў имканиятына ийе болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги