Пандемия  ҳәм аязлаўлар мәўсими ҳәр биримизди өз денсаўлығымызды айрықша қайғырыўға мәжбүр етеди. Қәнигелер болса инфекция жуқтырмастан алдын денеге жәрдемлесиў зәрүрлигин усыныс етеди. Көпшилик имунитетин көтериў ушын имбирьден пайдаланыў. Бирақ шыпакерлер бизге петрушка жеўди мәсләҳәт бермекте.

Ҳәммемизге белгили, жаңа көк шөптиң қурамында денемиз ушын жүдә зәрүр микроэлементлер бар.

Петрушкада 20 дан аслам пайдалы элементлер болып, олар майда ериўши витаминлер, фолат кислота, В топарындағы және С диңке ендириўши дәрилер болып есапланады. Сондай-ақ, бул көк шөптиң қурамында минераллар, органикалық кислоталар, майлар, макро ҳәм микроэлементлер көп. Петрушканың жапырағы филлохинон, аскорбин кислота, ретинол ҳәм бета-каротинге бай.

Қәнигелердиң айтыўынша, петрушка имунитетке оғада унамлы тәсир көрсетеди ҳәм өтлесиўге қарсы гүреседи. Көк шөп аскорбин кислота, бета-каротин, В , К, Е, РР витаминлери, цинк, магний, темир, фосфор, калий ҳәм калцийдиң ҳақыйқый ғәзийнеси болып есапланады. Бул элементлердиң барлығы, әсиресе, ҳәзирги күнде саламатлығымыз ушын оғада әҳмийетли.

Соның менен бирге, петрушка тамырының қурамында да калий, магний, фосфор, кальций, магний, натрий бар. Бул элементлер жүрек булшық етиниң жумысында шешиўши роль атқарады және бөтеке ҳәм қан тамырлар саламатлығында бийтәкирар болып есапланады.

Буннан тысқары, петрушка ас сиңдириўди жолға қояды, қанда глюкоза дәрежесин нормалластырады, қан басымын түсиреди, көриў қәбилетин жақсылайды, ишеклердеги тегис булшық ет спазмын жоғалтады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги