2020-жыл 2-октябрьдеги Президент қарарына бола,  2020-жыл 1-ноябрьден баслап Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм аймақлық басқарыў уйымларының хызметкерлерине төмендеги муғдарда көп жыллық ислегени ушын ҳәр айлық үстеме төленеди.

Хошаметлеў коэффициентин инабатқа алған ҳалда лаўазым мийнет ҳақысына салыстырмалы коэффициентлерде:

  • 1 жылдан 3 жылға шекем-0,3;
  • 3 жылдан 5 жылға шекем-0,6;
  • 5 жылдан 10 жылға шекем-0,8;
  • 10 жылдан 15 жылға шекем –1;
  • 15 жылдан 20 жылға шекем-1,2;
  • 20 жылдан жоқары-1,5.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги