Бүгин республикамыз бойлап ҳаўа райы алағат бултлы болады, температура климатлық нормалардан бираз төмен болып, 20-25 градусты қурайды.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, бүгин кеште елимиз аймағының көпшилик бөлегинде бултлылық муғдары артып, Қарақалпақстан аймағында самал күшейип, 15-20 м/с қа шекемги тезликте еседи.

 

Ертең республикамызға Урал аймағынан қурғақ, бирақ салқын ҳаўа ағымы кириўи күтилмекте. Республика бойлап айрым орынларда самалдың тезлиги күшейеди. Түнде жыллы, 7-12 градус әтирапында болады, күндиз болса салкынлық кириўи себепли температура 15-20 градусқа түседи, бул көрсеткиш күн нормасынан 4-6 градусқа төмен болып табылады.

 

7-10-октябрьде республика аймағы атмосферадағы арқа ҳаўа ағымлары тәсиринде болады. Түнги температура 3-8 градусқа шекем, Қарақалпақстан аймағында 0-5 градусқа шекем төменлейди. Бундай түнги төмен температура ҳәптениң ақырына шекем сақланып қалады.

 

7-8-октябрьде күндизги температура 17-22 градусты, 9-10-октябрьде 15-20 градусты қурайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.