2024-жылы Жер халқының саны өткен жылға салыстырғанда дерлик 82 миллион адамға көбейди. Бул ҳаққында «ABC News» хабар берди.
АҚШ халықты дизимге алыў бюросының есабына бола, 2024-жылы дүнья халқы 71 миллионнан аслам адамға өсти ҳәм 2025-жылдың басында 8,09 миллиард адамды қурады.
Шөлкемниң есабына бола, халықтың ең көп көбейиўи Африкада бақланған. Экспертлер жақын жигирма жыл ишинде бул континентте жасайтуғын адамлар саны еки есеге көбейиўин болжамақта.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң есабына сүйенилсе, 2037-жылы планетамыз халқы биринши мәрте 9 миллиардтан көбейиўи мүмкин. Дүнья халқының өсиўи даўам етип атырған болса да, өсиў пәти сезилерли дәрежеде төменлеген. Ҳәзирги глобал туўылыў дәрежеси ҳәр бир ҳаялға орташа 2,2 баланы қурайды.
Мағлыўматларға бола, 2025-жыл январь айында дүнья бойлап ҳәр секундта 4,2 туўылыў ҳәм 2,0 өлим жағдайы бақланыўы шамаланбақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги