Кирип киятырған жаңа – 2025-жыл мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер, парламентлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, глобал қаржы институтларының басшылары, белгили сиясатшылар, жәмийетлик ҳәм диний ғайраткерлерден қызғын қутлықлаў ҳәм тилеклер келмекте.
Халықаралық бирге ислесиўшилер өз қутлықлаўларында мәмлекетимиз жетекшиси басшылығында Жаңа Өзбекстанда сиясий жаңаланыўлар ҳәм социаллық-экономикалық реформалар бағдарламасы табыслы әмелге асырылып атырғаны, мәмлекеттиң дүнья көлеминдеги абырайы ҳәм статусын беккемлеўге хызмет ететуғын жедел, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясат алып барылып атырғанын атап өтпекте.
Сырт елли жетекшилер Өзбекстан Президенти ҳәм көп миллетли халқына тынышлық-татыўлық, ығбал-бахыт, абаданлық, үлкен табыслар ҳәм раўажланыў тилеклерин билдирмекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл етиң.
Россия ҳәм Өзбекстан арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары жедел раўажланыўда даўам етпекте.
Ташкенттеги конструктивлик ҳәм нәтийжели сөйлесиўлеримиз, сондай-ақ, ҒМДА, ШБШ ҳәм БРИКС саммитлери шеңбериндеги ушырасыўларымыз өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа, перспективалы бағдарларын белгилеп алыў имканиятын берди.
Соңғы ўақытларда ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы Россия –Өзбекстан байланысларының шеңберин және де кеңейтиўге, Орайлық Азия ҳәм улыўма Евроазия континентинде қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бойынша ис-ҳәрекетлер тығыз муўапықластырыўға хызмет ететуғынына исенемен.
Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, шаңарағыңыз ҳәм жақынларыңызға 2025-жылда беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм табыслар яр болыўын, дос Өзбекстан халқына болса бахыт ҳәм раўажланыў тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Владимир ПУТИН,
Россия Федерациясы Президенти
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди кирип киятырған жаңа 2025-жыл менен шын кеўилимнен қутлықлайман!
Сизге таўсылмас күш, туўысқан Өзбекстан халқының раўажланыў жолындағы жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.
Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,
Қазақстан Республикасы Президенти
* **
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Қырғыз Республикасы халқы ҳәм жеке өзимның атымнан Сизди ҳәм туўысқан Өзбекстан халқын кирип киятырған Жаңа жыл менен қызғын қутлықлайман!
Сизге ҳәм жақынларыңызға беккем денсаўлық, бахыт ҳәм жаңа табыслар, дос өзбек халқына болса абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен!
Ҳүрмет пенен,
Садир Жапаров ,
Қырғыз Республикасы Президенти
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди кирип киятырған жаңа 2025-жыл менен шын кеўилимнен қутлықлайман. Сизге беккем денсаўлық, барлық жумысларыңыз ҳәм басламаларыңызда үлкен табыслар, туўысқан өзбек халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен. Жаңа жыл бәршемизге бахыт ҳәм пидайылық алып келсин!
Ҳүрмет пенен,
Сердар БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түрменстан Президенти
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Кирип киятырған 2025-жыл менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл етиң. Сизге беккем денсаўлық, бахыт ҳәм барлық баслама ҳәм умтылысларыңызда үлкен табыслар тилеймен. Жаңа жыл Сиз ушын тынышлық ҳәм абаданлық жылы болсын!
Терең ҳүрмет пенен,
Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркменстан халқының миллий жетекшиси,
Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Қәдирли туўысқаным!
Сизди кирип киятырған жаңа 2025-жыл менен шын кеўилимнен қутлықлап, жақсы тилеклеримди билдиремен.
Әзербайжан –Өзбекстан қатнасықларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм және де беккемлеў руўхында өткен 2024-жыл биз ушын жүдә әўметли болғанлығын үлкен миннетдаршылық пенен атап өтиўди қәлер едим.
Көп жыллар даўамында әмелге асырған өз-ара сапарларымыз, дослық ҳәм қызғын өткен көплеген ушырасыўларымыз, алып барған сөйлесиўлеримиз ҳәм ерискен келисимлеримиз оғада нәтийжели болды.
Август айында туўысқан Өзбекстанға мәмлекетлик сапарым даўамында қол қойылған Аўқамласлық ҳаққындағы шәртнама мәмлекетлераралық қатнасықларымыз ең жоқары дәрежеде жолға қойылғанының жарқын белгиси болып есапланады.
Кирип киятырған 2025-жылда туўысқан халықларымыз арасындағы бирлик ҳәм аўызбиршилик және де беккемленип, улыўма тарийхый ҳәм мәдений тамырларымыз, өз-ара исеним ҳәм қоллап-қуўатлаў сыяқлы беккем тийкарларға қурылған Әзербайжан –Өзбекстан қатнасықлары жаңа мазмун менен байып, мәмлекетлеримиз ҳәм улыўма регионымыздың абаданлығы ҳәм турақлы раўажланыўына хызмет ететуғынына исенимим кәмил.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сиз мәмлекетлераралық қатнасықларымызды бүгинги жоқары дәрежеге алып шығыўда өзгеше роль атқардыңыз ҳәм оны биз жоқары қәдирлеймиз. Мен Сиз бенен терең жақсылыққа тийкарланған қатнасықларымызды ҳәмийше ардақлайман.
Жаңа жылда Сизге дос Өзбекстан халқы ҳәм мәмлекетиниң тынышлығы, абаданлығы ҳәм раўажланыўы жолындағы жуўапкершиликли ҳәм абырайлы жумысыңызда жаңа табыслар, шаңарағыңыз ағзаларына беккем денсаўлық ҳәм бахыт тилеймен.
Ҳүрмет пенен,
Илҳам ӘЛИЕВ,
Әзербайжан Республикасы Президенти
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди кирип киятырған Жаңа жыл менен шын кеўилимнен қутлықлайман.
2024-жыл қурамалы, бирақ терең мазмунлы ҳәм нәтийжели жыл болды. Ол дослық ҳәм конструктивлик бирге ислесиўдиң айрықша әҳмийетин тастыйықлап, ушырасып атырған қыйыншылықларға қарамастан, тынышлық ҳәм дөретиўшилик жолынан жүриўди даўам еттириў оғада әҳмийетли ҳәм зәрүр екенлигин еслетти.
Келеси жылы мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң жоқары пәтин сақлап қалып, ўақыт сынағынан өткен Беларусь –Өзбекстан қатнасықларын жаңа мазмун менен байытыўымызға исенемен.
Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге ҳәм жақынларыңызға денсаўлық, таўсылмас күш ҳәм абаданлық, Өзбекстан халқына бахыт ҳәм раўажланыў тилеймен.
Сизди миймандос Беларусь жеринде күтип алыўдан ҳәр қашан қанаатланаман.
Ҳүрмет пенен,
Александр ЛУКАШЕНКО,
Беларусь Республикасы Президенти
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Жаңа 2025-жылды күтип алады екенбиз, Сиз Уллы Мәртебели Мырза ҳәм дос Өзбекстан халқын усы мүнәсибет пенен қутлықлап, әўмет ҳәм бахыт тилеўден оғада қуўанышлыман.
Пурсаттан пайдаланып, кирип киятырған жылда дүньяның барлық халықлары арасында сөйлесиў ҳәм өз-ара түсиник раўажланыўына айрықша итибар қаратылатуғынына шын кеўлимнен исеним билдирмекшимен. Биргеликте, биз тынышлық ҳәм кеңпейилликти хошаметлеў, зорлық ҳәм жек көриўди бийкар еткен ҳалда, келеси әўладларымыз ушын жарқын келешекти тәмийинлеў жолында ҳәрекет етиўимиз керек.
Сондай-ақ, мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды беккемлеўге болған исенимли умтылысларымызды және бир мәрте атап өтпекшимен. Өз-ара пайдалы мәселелер бойынша турақлы бирге ислесиў ҳәм ис-ҳәрекетлеримиз арқалы глобал, атап айтқанда, Жақын Шығыс регионындағы машқалаларды шешиўде әҳмийетли қәдемлерди әмелге асырыўымыз мүмкин.
Ҳүрметли Президент, жаңа жыл Сизге ҳәм дос халқыңызға даўамлы абаданлық, раўажланыў ҳәм турақлы тынышлық алып келсин.
Ҳүрмет пенен,
Абдулфаттоҳ ас-СИСИ,
Египет Араб Республикаси Президенти
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Кирип киятырған эрамыздың жаңа жылы менен Сиз Уллы Мәртебели мырза ҳәм мәмлекетиңиз халқын шын кеўилимнен қутлықлайман.
Жаңа 2025-жылда биргеликтеги ис-ҳәрекетлер нәтийжесинде дүньяда жәбир-зулым ҳәм урыстың пүткиллей сапластырылыўы, тынышлықтың орнатылыўы ҳәм инсаныйлық қәдириятлардың қәлиплесиўине гүўа боламыз, деп үмит етемен.
Сиз, Уллы Мәртебели Мырзаға денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстан Республикасы халқына болса бахыт ҳәм абаданлық тилеп қаламан.
Масъуд ПЕЗЕШКИЁН,
Иран Ислам Республикасы Президенти
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы Мәртебели Мырза!
Жақында Өзбекстанға сапарым ўақтында маған көрсетилген миймандослық ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз. Мәмлекетиңиздиң ядро илими ҳәм технологияларын тынышлық мақсетлеринде раўажландырыўға қатаң садықлығын өз көзим менен көрип қуўандым. Исенемен, бул сапар Өзбекстан Республикасы ҳәм Халықаралық атом энергиясы агентлиги (ХАЭА) арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге алып келеди.
Ташкенттеги ушырасыўымыз ўақтында атап өтилген, ХАЭА Өзбекстанның ядро энергиясы тараўындағы мақсетлерин ҳәм оның турақлы раўажланыў жолында ядро илими ҳәм технологияларынан пайдаланыў бойынша ис-ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлаўға садықлығынша қалмақта.
ХАЭА Өзбекстанның ядро энергетикасын жаратыў бойынша режелерине, сондай-ақ, киши модулли реакторларды (КМР) енгизиўге ҳәр тәреплеме жәрдем бериўге таяр. “Өзатом” агентлиги ҳәм ядро тараўын тәртипке салатуғын мәкемелер менен тығыз биргеликте анық қәдемлер ҳәм күтилип атырған нәтийжелер көрсетилген “жол картасы” ислеп шығылыўын тәмийинлеймиз. Сондай-ақ, ең қатаң халықаралық қәўипсизлик норма талапларына жуўап беретуғын исенимли ҳуқықый тийкар жаратыў зәрүр болады. Сол мүнәсибет пенен барлық тийисли ҳуқықый ҳүжжетлерди кең көлемли топлам көринисинде қабыл етиў ҳәм бул әҳмийетли ўақыя мүнәсибети менен оларға қол қойыў бойынша жоқары дәрежедеги тийкарғы илажды шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтпекшимен. ХАЭАның “Үмит нуры” ҳәм Atoms4Food басламалары шеңберинде биз Өзбекстанда ҳәм пүткил регионда онкологиялық жәрдемди жақсылаў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў бойынша биргеликте ислеймиз.
Биз додалаўларымызды даўам еттириў ҳәм биргеликтеги басламаларымызды әмелге асырыўға жәрдемлесиў мақсетинде келеси жылдың басында Өзбекстан делегациясы менен Венада ушырасыўды асығыслық пенен күтпектемиз.
Пурсаттан пайдаланып, Самарқандта әнжуман жоқары дәрежеде өткерилгени ушын миннетдаршылық билдириўге рухсат еткейсиз. Илаж регион ушын ядролық энергияның абзаллықлары бойынша додалаўлар өткериў ушын баҳалы имканият жаратты, маған ХАЭА тәрепинен мәмлекетлерге ядролық энергетиканы раўажландырыў бойынша режелерин қәўипсиз ҳәм нәтийжели әмелге асырыўда қандай жәрдем көрсетиў мүмкинлиги ҳаққында айтыў имканиятын берди.
Президент мырза, жыл жуўмағына жетип баратырған бул демлерде Сизге ҳәм Өзбекстан халқына Жаңа жылда тынышлық-аўызбиршилик, абаданлық ҳәм табыслар тилеймен!
Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Рафаэль ГРОССИ,
Халықаралық атом энергиясы агентлиги бас директоры
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Сизди Жаңа жыл байрамы менен шын жүрегимнен қутлықлайман!
Кирип киятырған 2025-жыл тынышлық ҳәм турақлылық, дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди беккемлеў, сондай-ақ, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң исенимли раўажланыўы дәўири болсын!
Сизге ҳәм жақынларыңызға беккем денсаўлық, шаңарақлық абаданлық ҳәм қуўанышлы ўақыялар, Өзбекстан Республикасы халқына болса турақлы раўажланыў жолында жаңа табыслар тилеймен!
Терең ҳүрмет пенен,
Чжан МИН,
Шанхай бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Шавкат Миромонович!
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитети ҳәм жеке өзимниң атымнан кирип киятырған 2025-жыл мүнәсибети менен шын жүрегимнен қутлықлаўларымды ҳәм ең жақсы тилеклеримди қабыл еткейсиз!
Жаңа жыл Өзбекстан Республикасы раўажланыўында жаңа жеңислерге ерисилетуғын, сондай-ақ, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәканында ҳәр тәреплеме шериклик мүнәсибетлери және де беккемленетуғын жыл болсын.
Сизге ҳәм пүткил Өзбекстан халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.
Терең ҳүрмет пенен,
Сергей ЛЕБЕДЕВ,
Ғәрезсиз Мәмлекетлер Шөлкеми бас хаткери
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Ҳүрметли Президент Мырза!
Сиз Ҳүрметли Мырзаны ҳәм туўысқан өзбек халқын кирип киятырған жаңа – 2025-жыл менен шын жүректен қутлықлайман.
Киятырған Жаңа жылда Өзбекстанның барлық тараўларда ерисип атырған үлкен жеңислери ҳәм табыслары даўамлы болыўын, дүнья ҳәм региондағы абырайы және де артыўын ҳәм туўысқан өзбек халқына тынышлық, аўызбиршилик ҳәм абаданлық турақлы шерик болыўын тилеп қаламан.
Сиз Уллы мәртебели Мырзаның басламасы менен 2025-жыл Өзбекстанда Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы деп жәрияланды ҳәм 2025-жылы да мәмлекетиңиз Сизиң ақылға уғрас басшылығыңызда жаңа жеңислерди қолға киргизетуғынына исенемен.
Соны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде Сиз Ҳүрметли Мырза тәрепинен көплеген тараўларда алға қойылған әҳмийетли усыныс ҳәм басламалар мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиўди және де беккемлеп, түркий халықлар арасындағы туўысқанлық ҳәм тилеклеслик руўхының кеңнен ен жайылыўына хызмет етпекте.
Исенемен, 2025-жылы да Өзбекстан ҳәм Түркий мәмлекетлер арасындағы байланыслар және де раўажланады ҳәм Шөлкемимиз шеңбериндеги бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилетуғынына исенемен.
Ҳүрметли Уллы Мәртебели Президент Мырза, Сизди Жаңа жыл байрамы менен және бир мәрте қутлықлаған ҳалда, Сизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, мәмлекетшилик жумысында жаңа табыслар ҳәм жеңислер тилеп қаламан.
Терең ҳүрмет ҳәм сыйласық пенен,
Кубаничбек ОМУРАЛИЕВ,
Түркий мәмлекетлер шөлкеми бас хаткери
***
Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа
Уллы Мәртебели Мырза!
Жаңа жылда Сизге ҳәм шаңарағыңызға бахыт-ығбал, денсаўлық ҳәм абаданлық жолдас болыўын тилеп, қызғын ҳәм ийгиликли нийетлеримди билдиремен. 2025-жыл ЭБШ шаңарағындағы бирге ислесиў ҳәм дослық байланысларын және де беккемлесин.
Уллы мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрмет-иззетимди қабыл еткейсиз.
Асад ХОН,
Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми бас хаткери
***
Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:
Қытай Халық Республикасы Басшысы Си Цзиньпин;
Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон;
Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян;
Қазақстан Республикасының биринши Президенти Нурсултан Назарбаев;
Япония Бас министри Сигэру Исиба;
Уллы Британия ҳәм Арқа Ирландия Бирлескен Патшалығы Бас министри Кир Стармер;
Алжир Халық Демократиялық Республикасы Президенти Абдулмажид Теббун;
Иордания Ҳошимийлар Патшалығы Патшасы Абдулла II;
Палестина Мәмлекети Президенти Маҳмуд Аббос;
Латвия Республикасы Президенти Эдгарс Ринкевичс;
ЮНЕСКО бас директоры Одри Азуле;
Жәҳән банки президенти Ажай Банга;
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки президенти Цзинь Лицюнь;
Аўыл хожалығын раўажландырыў халықаралық қоры президенти Альваро Ларио.
Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.