Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Ал-Баян» басылымы Өзбекстанда жыллық инфляция 2024-жылдың апрелинен берли ең төмен дәрежеге түскени ҳаққында мақала шығарды.
Мақалада Өзбекстан статистика агентлиги жәриялаған мағлыўматлар, яғный мәмлекетте инфляция дәрежеси декабрь айында апрельден берли ең төмен дәрежеге түскенин атап өткен.
Статистика агентлигиниң хабар бериўинше, тутыныўшы баҳалары декабрь айында 9,8 процентке көбейген, бул сегиз ай ишинде ең кем жыллық өсиў ҳәм айлық баҳалар 1,04 процентке көбейген.
Басылым 2017-жылдан берли елимизде инфраструктураны раўажландырыў ҳәм сырт ел қаржыларын қаратыўға қаратылған 30 дан аслам нызам ҳәм қарарлар қабыл етилгенине итибар қаратқан.
– «Өзбекстан 2030» стратегиясында халықаралық туристлер ағымын көбейтиў, үлкеде заманагөй инфраструктураны раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилген. Бул мақсетлерге ерисиў ушын туризм тараўындағы жумыслар раўажланбақта, виза бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша нәтийжели жумыслар жолға қойылған, -делинеди мақалада.
Итибарлы тәрепи, мақалада елимизде ҳәзирги ўақытта шама менен 155 мың орынға мөлшерленген 5 мың 250 ден аслам турақ жай объектлери, атап айтқанда, мийманханалар ҳәм шаңарақ үйлери бар екени айрықша атап өтилген.
Сондай-ақ, 28 аймақтағы 135 мәҳәлле туризм потенциалы жоқары аймақлар деп баҳаланғаны, оларды қаржы ресурслары менен тәмийинлеў, инфрастурктураны жақсылаў ҳәм салық жеңилликлерин бериў арқалы раўажландырыў бойынша режелер әмелге асырылып атырғаны атап өтилген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА