2025-жыл 1-январь саат 17:00 жағдайына бола, Өзбекстанда жәми 1040 перзент дүньяға келди. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Олардың 492 сы ул, 548 и қыз. Ең көп туўылыў Ферғана ўәлаятында (154) анықланды.
Сондай-ақ, аймақлар кесиминде кейинги орынларды:
Қашқадәрья ўәлаяты (119),
Ташкент қаласы (112),
Самарқанд ўәлаяты (101),
Сурхандәрья ўәлаяты (89) бәнт етти.
Ең аз туўылыў болса Наўайы ўәлаяты (18) үлесине туўра келди.
Ең аз туўылыў болса Наўайы ўәлаяты (18) үлесине туўра келди.
Туўылғанлар арасында 7 егизек (жәми 15 бала) бар, яғный 12 еки ҳәмиледарлық, 3 еўи болса үш ҳәмиледарлық егизек.
Атап өтилиўинше, байрам күнлери республика бойынша 6192 акушер-гинеколог, неонатолог, акушерка ҳәм мийирбекелер нәўбетшилик тийкарында халыққа хызмет көрсетпекте.
Еслетип өтемиз, Өзбекстанда 2020-жылдың сол дәўиринде жәми 1111, 2021-жылы — 1086, 2022-жылы — 1448, 2023-жылы — 1312, 2024-жылы — 1043 перзент дүньяға келген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги