Әмиўдәрья районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң имараты пайдаланыўға тапсырылды

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри Р.Маматов, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов, район ҳәкими С.Йўлдашев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, өткен қысқа дәўирде ишинде елимизде халықтың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў, мәҳәллени халық пенен мәмлекет арасында исенимли «көпир» болыўын әмелде тәмийинлеў бағдарында комплексли илажлар әмелге асырылды. Бунда Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 18-февральдағы «Өзбекстан Республикасы  Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында район ҳәм қала орайларында «Мәҳәлле орайы» комплекслериниң имаратларын үлги жойбарлар ҳәм оларға қойылған талаплар тийкарында қурыў (реконструкциялаў, оңлаў), сондай-ақ, оларды зәрүр мебель комплекти, компьютер техникасы менен үскенелеў белгиленген еди.

Усы тийкарда район ҳәкимлиги балансында пайдаланылмай турған бир қабатлы имаратқа жергиликли бюджет есабынан ажыратылған 755 миллион сум қаржы есабынан «Темир-бетон» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен оңлаў жумыслары алып барылып, қысқа мүддетте сапалы етип қурып питкерилди. Бул жерде хызметкерлердиң нәтийжели жумыс алып барыўы, пуқаралардан келип түскен машқалалар менен ислесиў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Илаж қатнасыўшылары жаңа имаратта хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы