2020-жылда да физикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықларда мүлктиң кадастр баҳасы бойынша есапланыўы сақлап қалынды. Яғный, физикалық тәреплер усы жылда ийелигиндеги мүлк ушын төмендеги ставкаларда салық төлейди;

  • Турақ жайлар, квартиралар, ҳәўли қурылмалары (улыўма майданы 200 кв.метрден артық болғанлары буған кирмейди), басқа имаратлар, ханалар ҳәм объектлер ушын кадастр баҳасынан 0,2 процент муғдарында;
  • Қалаларда жайласқан, улыўма майданы 200 кв.метрден 500 кв.метрге шекем болған турақ жай ҳәм квартираларға 0,25 процент муғдарында;
  • Майданы 500 кв.метрден артық болған турақ жай ҳәм квартиралар ушын кадастр баҳасынан 0,35 процент муғдарында;
  • Басқа елатлы пунктлерде жайласқан улыўма майданы 200 кв.метрден артық болған турақ жай ҳәм квартиралар, дала ҳәўли қурылмалары ушын кадастр баҳасынан 0,25 процент муғдарында мүлк салығы салынады.
  • Мәселен, мүлктиң улыўма майданы 180 кв.метр ҳәм кадастр баҳасы 60 миллион сум болса, бул жағдайда бир жылға физикалық тәреплер ушын 120 мың сум муғдарында мүлк салығы есапланады.

Президентимиздиң 2020-жыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы  пәрманына муўапық, пуқараларға қолайлық жаратыў мақсетинде физикалық тәреплердиң мүлк ҳәм жер салығын төлеў мүддетти усы жыл ушын бир мүддетке, яғный, 15-октябрь сәнесине шекем создырылған еди.

Сиз салықларды өз ўақтында төлеп барсаңыз, елимиз экономикасының раўажланыўына өз үлесиңизди қосқан боласыз.

Еслетип өтемиз, мүддетинде төленбеген жағдайда кешиктирилген ҳәр бир күн ушын пеня есапланып, суд уйымлары арқалы мәжбүрий өндириўге қаратылады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы баспасөз хызмети.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги