Президент Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернатын барып көрди. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

 

Ҳәммеге белгили, қарақалпақ халқының өзине тән бақсышылық жөнелиси бар. Ғәрезсизлик жылларында бул жерде опера да раўажланды. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық бақсылары, хызмет көрсеткен артистлер жетисип шықты.

 

Опера ҳәм бақсышылық мектеп-интернаты усы дәстүрди даўам еттириў, жас әўладқа жеткериўге хызмет етеди. Усы қәнигелестирилген оқыў орны өткен айда иске түсирилди. Оқыў орны 150 орынға мөлшерленген болып, оған 9-классты питкерген талантлы оқыўшы жаслар таңлаў тийкарында қабыл етиледи. Ҳәзирги ўақытта 30 ул-қыз оқыўды баслады. Оларға белгили көркем өнер шеберлери ҳәм педагоглар сабақ бермекте.

 

– Бундай мектеплерди шөлкемлестиргенимизден тийкарғы мақсет – тарийхымызды, мәдениятымызды терең үйрениў, өзлигимизди аңлаў. Бақсышылық – қарақалпақ халқының уллы дәстүри, оны раўажландырыў ушын барлық шараятларды жаратамыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.