Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Байрам илажында муғаллимлер ҳәм устазлар, илимпазлар, парламент ҳәм ҳүкимет ўәкиллери қатнасты. Сондай-ақ, аймақлардағы тараў пидайылары мәресимди Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлардағы студиялардан бақлап барды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев қатнасып, устазларды усы әййям менен қутлықлады.

Бул байрам биринши мәрте мәмлекет басшысының қатнасыўында болып өткенин атап өтиў орынлы. Бул – тәлим-тәрбия мәселесиниң айрықша тийкарғы бағдар дәрежесине көтерилгенин анық дәлиллейди.

– Биз ҳәр биримиз өмирде қандай табыслар ҳәм нәтийжелерге ерискен болсақ, бул жетискенликлерде сизлердиң шексиз үлесиниңиздиң бар екенлигин бәрқулла миннетдаршылық пенен тән аламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Муғаллимшилик мәртебели, соның менен бирге оғада жуўапкершиликли ҳәм қыйын кәсип. Елимизде усы кәсип ийелерине ҳүрмет ҳәм иззет көрсетиў бағдарындағы ҳәрекетлер педагоглардан өз жумысына және де садықлық ҳәм пидайылық пенен қатнаста болыўын, кең ҳәм заманагөй сана-сезим ийеси болыўды талап етпекте. Мектепке шекемги билимлендириў және жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў тараўында әмелге  асырылған жумысларды да айрықша атап өтиў зәрүр.

Ҳақыйқатында да, инсан тәрбиясында камал табыўында устазлардың хызметлери уллы. Быйылғы пандемия менен байланыслы қыйын шараятта да жанкүйер оқытыўшылар өз жумысын даўам етпекте. Айырым мектеплерде жаңа оқыў жылы басланды. «Онлайн мектеп» жойбары ҳәм аралықтан билимлендириў жолға қойылды. Бүгин муғаллимлер еки фронтта гүрес алып барып атырғанын атап өтиў зәрүр.

Президент тарийхқа нәзер таслап, IX-XII әсирлерде елимиз аймағында биринши, XV әсирде екинши Ренессанстың жанланғанын атап өтти.

– Көпшилик зыялылар қатарында мен де бир пикирди бәрқулла үлкен арзыў менен ойлайман: елимизде үшинши Ренессансты XX әсирде ағартыўшы жадид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди. Олар «Илимнен басқа үмит жоқ ҳәм болыўы да мүмкин емес», деген ҳәдисти турмыслық исеним деп билди, – деп атап өтти. Президент.

Муғаллимлер ҳәм устазлар байрамы мүнәсибети менен қол қойылған пәрманға муўапық, халқымыздың азатлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында пидайылық көрсетип, миллий тәлим-тәрбия системасын жаратыўға шексиз үлес қосқан ағартыўшы Абдулла Авлоний, Маҳмудхўжа Беҳбудий ҳәм Мунавварқори Абдурашидхонов «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, Президентимиздиң тийисли пәрманына муўапық, елимизде билимлендириў системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, тараўға байланыслы реформаларды табыслы әмелге асырыў, оқыў-тәрбия процессине алдынғы сырт ел тәжирийбелери, инновациялық педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси, оқыўшыларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерди үйретиў, олардың интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыўдағы үлкен хызметлери, жоқары қәнигели кадрларды таярлаў, ҳәр тәреплеме саламат ҳәм бәркамал әўладты камалға келтириў, жасларды ана Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы және жәмийетлик турмыстағы белсене қатнасқаны ушын бир топар устазлар ҳәм муғаллимлер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда жаңа Ояныў дәўири, яғный үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў тийкарғы мақсет етип белгиленгенин атап өтти.

– Уллы ата-бабаларымыздың бийтәкирар ҳәм бийбаҳа илимий – мәнаўий мийрасы биз ушын турақлы ҳәрекеттеги турмыслық бағдарламаға айланыўы керек, – деди Президент. – Бул өлмес мийрас бәрқулла жанымызда болып, бизге ҳәмийше күш-қуўат ҳәм илҳам бағышлаўы керек. Бәринен бурын, миллий билимлендириў системасын мине сондай руўх пенен суўғарыўымыз керек.

Бул ретки байрам илажы өзине тән тарийхый сөйлесиў түринде өтти, деп айтыў мүмкин.

Салтанатлы илажда сөзге шыққан устазлар ҳәм муғаллимлер билимлендириўдеги машқалаларға шешим табыў, тараўды және де раўажландырыўға байланыслы әмелий усынысларын билдирди.

Президентимиз ҳәр бир басшы өз аймағындағы, әсиресе, аўыллардағы мектеплердиң жағдайынан турақлы хабардар болыўы, ол жердеги машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыўы керек екенлигин атап өтти.

– Биз көзи жанып турған қәбилетли жасларға шараят жаратпасақ, ҳеш қашан мақсетке ерисе алмаймыз. Егер алынған билим пуқта болса ғана диплом өз күшин көрсетеди. Оның ушын жасларға мектепте сапалы билим бериў зәрүр. Жаңа Өзбекстанның босағасы мектептен басланады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршысы