Ташкенттеги Халықаралық конгресс орайында 1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күнине арналған салтанатлы илаж басланды. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

 

Илажда Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев қатнаспақта.

 

Атап өтиў орынлы, бул байрам биринши мәрте мәмлекетимиз басшысы қатнасыўында өткерилмекте. Бул – билимлендириў ҳәм тәрбия мәселеси айрықша баслы бағдар дәрежесине көтерилгениниң айқын дәлили.

– Биз ҳәр биримиз өмирде қандай табыс ҳәм нәтийжелерге ерискен болсақ, бул табысларда сизлердиң үлкен үлесиңиз бар екенлигин бәрқулла миннетдаршылық пенен атап өтемиз, – деди Шавкат Мирзиёев илажға жыйналған оқытыўшы ҳәм зыялыларға мүрәжатын баслаў ўақтында.

 

Ҳақыйқатында да, инсан тәрбиясында, оның кәмилликке жетиўинде устазлардың хызметлери уллы. Быйылғы пандемия менен байланыслы қыйын шараятта жанкүйер оқытыўшылар өз жумысларын даўам еттирмекте. Көпшилик мектеплерде жаңа оқыў жылы басланды. «Онлайн мектеп» жойбары ҳәм аралықтан оқытыў жолға қойылды. Атап өтиў орынлы болса, барлық муғаллимлер еки фронтта гүрес алып бармақта.

 

Және бир итибарлы тәрепи, быйылғы қутлықлаў алдынғы жыллардағыдан парқланып, мүрәжат тәризинде болмақта.

 

Президент тарийхқа нәзер таслап, IX-XII әсирлерде елимиз аймағында биринши, XV әсирде екинши Ренессанс болғанлығын атап өтти.

– Көпшилик зыялылар қатарында мен де бир пикирди бәрқулла үлкен әрман менен ойлайман: елимизде үшинши Ренессансты ХХ әсирде ағартыўшы жәдид бабаларымыз әмелге асырыўы мүмкин еди. Олар «Илимнен басқа туўры жол жоқ ҳәм болыўы мүмкин емес», деген ҳәдисти турмыслық исеним деп билди, – деп атап өтти Президент.

 

Муғаллим ҳәм устазлар байрамы мүнәсибети менен қол қойылған пәрманға муўапық, халқымыздың азатлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында пидәкерлик көрсетип, миллий билимлендириў ҳәм тәрбия системасын жаратыўға үлкен үлес қосқан Абдулла Авлоний, Маҳмудхўжа Беҳбудий ҳәм Мунавварқори Абдурашидхонов «Буюк хизматлари учун» ордени менен сыйлықланғаны мәлим етилди.

Шавкат Мирзиёев Өзбекстанда жаңа Ояныў дәўири, яғный үшинши Ренессанс тырнағын жаратыў тийкарғы мақсет етип белгиленгенлигин атап өтти.

 

– Уллы ата-бабаларымыздың бийтәкирар ҳәм уллы илимий-ағартыўшылық мийрасы бизлер ушын бәрқулла ҳәрекеттеги турмыслық бағдарламаға айналыўы керек, – деди Президент. – Бул өлмес мийрас ҳәмийше қасымызда болып, бизге бәрқулла күш-қуўат ҳәм илҳәм бағышлаўы керек. Ең дәслеп, миллий билимлендириў системасын усындай руўх пенен суўғарыўымыз керек.

 

Байрам илажында муғаллим ҳәм устазлар, илимпазлар, парламент ҳәм ҳүкимет ўәкиллери қатнаспақта. Сондай-ақ, аймақлардағы тараў пидайылары илажды Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятлардағы студиялардан бақлап бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.