Қырғызстан Республикасынан хош хабар келди.

Белгили шайыр, Өзбекстан халық шайыры, Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Жийенбай Избасқанов ҳәм белгили жазыўшы, илимпаз, журналист, Қарақалпақстан Республикасы халық жазыўшысы, филология илимлериниң кандидаты, халықаралық академия академиги, «Алтын қәлем» халықаралық ҳәм «Ардақлаў» сыйлықларының лауреаты Алланазар Әбдиевтиң дөретиўшилик мийнетлери мүнәсип баҳаланып, олар Орайлық Азиядағы «Жаңа ҳаўаз» халықаралық жазыўшылар ҳәм тарийхшылар аўқамының  «Туран биримдиги»  медалы менен сыйлықланды.

Бул сыйлық-Туран журтының түркий халықлары еллери—Қырғызстан, Өзбекстан, Қазақстан, Түркменстан, Әзербайжан, Түркия Республикаларының бүгинги күнде белсендилик пенен дөретиўшилик етип атырған пидайы, талантлы жазыўшы, шайыр, тарийхшыларына берилетуғын Орайлық Азиядағы бирден-бир халықаралық сыйлық болып табылады.

Аўқам Қырғызстан Республикасында жайласқан. Усы халықаралық аўқам баслығының орынбасары, Қырғызстандағы Әмир Темур атындағы қайырқомлық фондының баслығы Жолдасбек Моңолдоров жазыўшы ҳәм шайырымызға ерискен табыслары менен қутлықлап хат жоллаған.

Онда, қарақалпақ ҳәм қырғыз елиниң уқсас салт-дәстүрлери, тарийхы, бүгинги күнде дөретиўшилик тараўында ҳәр тәреплеме беккемленип атырған қарым-қатнасықлар туўралы жақсы пикирлер билдирилип, жазыўшыларымыздың дөретиўшилик жумысларына табыслар тилеген.

Биз де пүткил халқымыз атынан шайыр Жийенбай Избасқанов ҳәм жазыўшы Алланазар Әбдиевти ерискен табысы менен қутлықлап, еле де үлкен табысларды қолға киргизе бериўине тилеклеслик билдиремиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги