Пайтахтымыздағы Есжан бақсы атындағы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Мәҳәлле мениң тәғдиримде» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 3-февральдағы Пәрманы менен белгиленген 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада ҳәр тәреплеме бәркамал әўладты тәрбиялаўда шаңарақ және пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў, бул бағдарда мәҳәлле институтының орнын ҳәм әҳмийетин үйрениўге бағышланып «Мәҳәлле мениң тәғдиримде» таңлаўы  өткерилип келинбекте.

Жаслар арасында жоқары мәнаўият, халқымыздың тарийхый салт-дәстүрлери менен мәдений мийрасларымызға ҳүрмет, ғәрезсизликке ерисиўдиң уллы тарийхый әҳмийетин аңлап жетиў сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириў, олардың қәлбинде және санасында идеялық иммунитетти буннан былай да күшейтиўге бағдарланған руўхый-ағартыўшылық илажлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысларын муўапықластырыў бойынша  Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен мәпдар шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестирилген таңлаўда мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының аймағында жасаўшы жаслар, аймақтағы улыўма билим бериў мектеплериниң, академиялық лицейлер менен кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшыларынан ибарат командалар дәслеп қалалық ҳәм районлық басқышларда қатнасып, оның жеңимпазлары республикалық басқышқа жоллама алды.

Таңлаў тийкарынан үш шәрт бойынша өткерилип, оның «Мәҳәлле мениң тәғдиримде» деп аталған биринши басқышында қатнасыўшылар  өзлери жасап атырған аймақтың тарийхын,  жаслардың физикалық жақтан саламат, руўхый дүньясы жетик инсанлар болып ер жетиўинде мәҳәллениң орнын, «Шаңарақ-мәҳәлле-билимлендириў мәкемеси» бирге ислесиўиниң әҳмийетин слайдлар арқалы таныстырыў, екинши шәртте тараўға тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер және руўхыйлыққа байланыслы сораў-жуўап, соңғы басқышта шығармалар таңлаўы өткерилди.

Таңлаў жуўмағында пайтахтымыздағы «Бағшылық» мәкан пуқаралар жыйынының «Нәўқыран жаслар» командасы биринши, Нөкис районы Ақманғыт мәкан пуқаралар жыйынының «Ақманғыт» командасы екинши, Әмиўдәрья районы «Оёқчи» мәкан пуқаралар жыйынының «Баркамол авлод» командасы үшинши орынды ийеледи.

-Өзлеримиз жасап атырған аймағымызды буннан былай да раўажландырыў тек мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынларының ғана емес, ал бәршемиздиң ўазыйпамыз,-дейди жеңимпаз команданың сәрдары  Гүлмира Алданазарова. -Бизиң «Бағшылық» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 431 шаңарақта 3 мыңға шамалас халық беккем аўызбиршиликте жасап келмекте. Аймағымызда жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, оқыў орынларында «Бир балаға жети қоңсы ата-ана» сүрени астында ушырасыўлар, «Ата-аналар университети»ниң жумысларын жетилистириў, «Саламат турмыс тәризи»н қәлиплестириў жақсы жолға қойылған. Диний шөлкемлердиң ўәкиллери, профилактика инспекторының қатнасында ҳаял-қызлар ҳәм жас өспиримлер арасында өз жанына қастыянлық етиў, диний экстремистлик ағымларға кирип кетиўиниң алдын алыў бойынша ушырасыўлар, дөгерек сәўбетлери турақлы түрде өткерилип келинбекте. Бул әҳмийетли илажларға жасларды көбирек тартыўда, олардың белсендилигин арттырыўда «Мәҳәлле мениң тәғдиримде»  таңлаўы айрықша әҳмийетке ийе.

Таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.