Жақында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының жумысшы топары тәрепинен республикамыздағы билимлендириўдиң сапасын баҳалаў тараўындағы халықаралық изертлеўлерге таярлық көриўге бағдарланған таяныш мектеплериниң жумысы үйренилди. Жумысшы топар ўәкиллери республикамыздағы усы мақсетке бағдарланған Беруний районындағы 27–санлы, Тақыятас районындағы 6–санлы, Хожели районындағы 2–санлы ҳәм Нөкис қаласындағы 1–санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектеплеринде болып, таяныш мектеплердиң жумысын шөлкемлестириў, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм Миллий орайлар менен биргеликте басып шығарылған төрт методикалық қолланба және хабарнамадан нәтийжели пайдаланыў, олардың халықаралық изертлеўлердеги әҳмийети ҳаққында түсиник жумысларын алып барды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 8-декабрьдеги «Халық билимлендириў системасында билимлендириўдиң сапасын баҳалаў тараўындағы халықаралық изертлеўлерди шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Билимлендириў министрлигиниң буйрығы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен келисилген ҳалда Халық билимлендириў министрлиги ҳәм районлық (қалалық) халық билимлендириў бөлимлеринен билимлендириўдиң сапасын баҳалаў тараўындағы халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў процесине жуўапкер хызметкерлер бириктирилип,  республикамыз қала ҳәм районларынан халықаралық баҳалаў изертлеўлерин әмелге асырыўға бағдарланған 26 таяныш мектеп белгилеп алынды. Республикалық оқыў-методикалық орайы тәрепинен Халық билимлендириў министрлиги системасында Халықаралық изертлеўлерди әмелге асырыў процесинде математика, физика, химия, биология, география пәнлери бойынша қала ҳәм районлардан жәми 160 тренер таңлаў тийкарында таярланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги