Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына 2020-2021-оқыў жылы ушын еселенген контрактта (халық тилинде «супер контракт») оқыў нийетинде болған абитуриентлер төмендеги силтеме арқалы онлайн арза тапсырыўы мүмкин.

 

https://ndpi.uz/uz/super-contract/

 

Бунда дәслеп арзаның үлгиси көрсетилген .doc файлды жүклеп алып, үлги тийкарында арза жазылады ҳәм көрсетилген сайт арқалы арза жүкленип, жибериледи. Бул ҳаққында институт баспасөз хызмети хабар берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.