Елимизде карантин илажлары менен талапларын сақлаған ҳалда Халық билимлендириў тараўы хызметкерлери өзлериниң кәсиплик байрамын мүнәсип күтип алмақта. Себеби,  пүткил өмирин жас әўладтың тәрбиясына бағышлайтуғын, ҳәр биримизге турмыс сабағын берген пидайы устаз ҳәм муғаллимлердиң мийнети ҳәмийше улығланып келинген.

-Президентимиздиң басламасы менен соңғы жыллары Инвестиция, «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» бағдарламалары, сондай-ақ, жергиликли бюджет есабынан улыўма билим бериў мектеплери ҳәм мектептен тыс мәкемелердиң имаратларын қурыў, реконстукциялаў ҳәм оңлаў жумысларына айрықша әҳмийет берилмекте,-дейди Шымбай районлық Халық билимлендириў бөлиминиң баслығы Эльмира Мамбеткаримова.-Атап айтқанда, өткен жылы Инвестициялық бағдарлама бойынша  «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1 миллиард 212,6 миллион сумлық реконструкция жумыслары алып барылып, 96 орынлық қосымша блоги пайдаланыўға тапсырылды.  Буннан тысқары, «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1 миллиард 268,2 миллион сумлық реконструкция ҳәм 96 орынлық қосымша блоги,  «Көкши қала» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 42-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1 миллиард 365,8 миллион сумлық реконструкция ҳәм 120 орынлық қосымша блоги,  усы аймақта жайласқан 48-санлы улыўма билим бериў мектебинде 1 миллиард 268,2 миллион сумлық реконструкция ҳәм 180 орынлық қосымша блоги қурып питкерилип,  «Бахытлы» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 19-санлы улыўма билим бериў мектебинде 3 миллиард 139,7 миллион сумлық капитал оңлаў жумыслары алып барылды.

Быйылғы оқыў жылында «Майжап» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 26-санлы улыўма билим бериў мектеби Инвестициялық бағдарламаға киргизилип, қосымша 80 орынлық оқыў корпусы, «Қамысарық» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 216 орынға мөлшерленген улыўма билим бериў мектебиниң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Буннан тысқары, райондағы 18,22, 27 ҳәм 28-санлы улыўма билим бериў мектеплеринде жергиликли бюджет есабынан жеңил оңлаў жумыслары алып барылған болса, 15-санлы улыўма билим бериў мектебинде кризиске қарсы гүресиў қоры есабынан ири оңлаў жумыслары алып барылып, бүгинги күни жуўмақланыў алдын тур.

Районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 48 улыўма билим бериў мектеби ҳәм 1 мектептен тыс мәкемеси болып, оларда 3172 хызметкер мийнет етпекте. Бул мектеплерде 20048 оқыўшы билим алып атырған болса, «Бәркамал әўлад» балалар орайында ҳәрекет етип турған 11 атамадағы дөгеректе 360 оқыўшы шуғылланып келмекте.

Билимлендириў мәкемелерин жоқары мағлыўматлы қәнигелер менен тәмийинлеў, орта арнаўлы мағлыўматқа ийе қәнигелердиң үлесин азайтыў мақсетинде 48 муғаллим педагогикалық жоқары оқыў орынларын тамамлап атырған болса, мыңнан аслам педагог аттестация жуўмағы бойынша қәнигелик категориясын жоқарылатыўға миясар болды.

Келешегимиз болған жас әўладты тәрбиялаўдай жуўапкерли ўазыйпасын минсиз атқарып киятырған устаз муғаллимлеримиздиң мийнети ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланып келинбекте. Олардан райондағы 14-санлы улыўма билим бериў мектебиниң химия ҳәм биология пәни муғаллими Гүлпаршын Раманова өткен жылы Президентимиздиң пәрманына муўапық «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланған болса, 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң директоры Тамара Палўаниязова «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы берилди. Бир қатар муғаллимлеримиз Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Халық билимлендириўиниң ағласы көкирек белгилерине миясар болды.

Өткен оқыў жылында пидайы устазларымыздан 21 муғаллимниң ис-тәжирийбелери  районлық, 62 муғаллимниң ис-тәжирийбеси республикамыз көлеминде ен жайдырылды. Пандемия дәўиринде Қарақалпақстан тедлевидениеси арқалы шөлкемлестирилген «Онлайн мектеп» бағдарламасында 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң физика пәни муғаллими  Гүлчехра Пайзуллаева, 10-санлы улыўма билим бериў мектебиниң физика пәни муғаллими Гүлназ Ғаниева, 38-санлы улыўма билим бериў мектебиниң физика пәни муғаллими Гүлбәҳәр Атаниязова, 41-санлы улыўма билим бериў мектебиниң тарийх пәни муғаллими Шәригүл Ҳажиева, усы мектептиң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Бахытгүл Бухарбаева, 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Паршагүл Нийетовалар өз тәжирийбелери менен үлги сабақларын өтти.

Усындай жоқары маманлықтағы устазлардан билим алған оқыўшыларымыз халық аралық таңлаўларға белсене қатнасып, сыйлы орынларды алыўға миясар болмақта. Атап айтқанда, 5-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы  Дамир Дилмуратов Қубла Африканың Дурбан қаласында болып өткен халық аралық математика олимпиадасында үшинши орынды ийелеп, қола медалын қолға киргизди. Бул оқыўшы «Үмит ушқыны» медалы менен сыйлықланды. Буннан тысқары, ELPC тәрепинен шөлкемлестирилген SEAMO ҳәм быйылғы жылы American Matematics Competition халықаралық олимпиадаларында 9 оқыўшы сыйлы орынды ийеледи. Сондай-ақ, бир қатар оқыўшыларымыз мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер тәрепинен өткерилген онлайн олимпиадаларға белсене қатнасып, сертификатлар алыўға миясар болды. Районымыздан 8 оқыўшы Президент мектебине қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында усы жыл 19-март күни коронавирус пандемиясының халықтың турмыс дәрежеси ҳәм экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси протолы ҳәм Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң усы жыл 28-марттағы буйрығында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде елимиздиң басшысы тәрепинен алға қойылған бес әҳмийетли басламаның ҳәр бир бағдары бойынша оқыўшылардың қызығыўшылығына қарай дөгерек жумысларын шөлкемлестириў реже тийкарында алып барылды. Райондағы 38-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмийетлик пәнлерден 10-11-класслар ушын вариатив таяныш мектеби етип белгиленди.

Бүгинги пандемия дәўиринде мектеплер ата-аналар арасында өткерилген сораўнама тийкарында, олардың пикир-усыныслары есапқа алынған ҳалда ашылып, оларға тийисли шараятлар жаратылды. Усы тийкарда 48 улыўма билим бериў мектебинен 44 мектепте карантин қағыйдалары қатаң сақланған ҳалда оқыў процеси алып барылмақта. Қалғанларын жақын арада ашыў режелестирилген.

Байрам қарсаңында ветеран устазларымызды, тараў пидайыларын онлайн қутлықлаўлар даўам етпекте. Ҳәр қандай шараяттада, Президентимиздиң кәсиплик байрам мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында атап өтилгениндей, бүгинги күнниң оқытыўшысы универсал қәниге, ҳәм үйрениўши. ҳәм үйретиўши болыўы, яғный өз үстинде тынымсыз ислеўи, бәрқулла изленип жасаўы керек. Себеби, бизиң барлық ҳәрекетлеримиз «Өзбекстанда ең абырайлы инсанлар муғаллим болыўы керек»,-деген идеяны әмелге асырыўға қаратылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы