Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң басшылары хызмет сапары менен Шымбай районында болып, өткерилген ушырасыўларда министрликтиң жумысын дурыс жолға қойыўда жергиликли пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары хызметкерлери алдында турған ўазыйпалар туўралы кең түрде түсиник берип, системаны және де жақсылаў бойынша тапсырмалар берди.

Райондағы «Тағжап» аўыл пуқаралар жыйыны тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты. Соң усы аймақтың көше бийлери ҳәм турғынлары менен ушырасты. Ушырасыў даўамында карантин илажлары жеңиллетилди, деп арқайынлыққа берилмей тойлар, шаңарақлық салтанатлар, мереке ҳәм мәресимлерди өткериўде карантин қағыйдаларына толық әмел етиў бойынша халық арасында кең түрде үгит-нәсият жумысларын алып барыў керек екенлигине айрықша тоқтап өтти.

Сондай-ақ, ушырасыўда денсаўлық болса барлық жақсы нийетлерге ерисиў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Буннан соң, усы пуқаралар жыйыны аймағындағы «Бийбайша» фермер хожалығының пахта майдаларында қырманымызға үлес қосыўды нийет еткен  теримшилердиң ҳалынан хабар алып, олар менен сәўбетлести. Жыйын-терим жумысларында белсендилик көрсетип атырған теримшилерге миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги