Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Бюрократиялық тосықлардың буннан былай қысқартылыўы және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысларына заманагөй басқарыў принциплери енгизилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамына қол қойды.

 

Усы нызам тийкарында бүгин, 29-сентябрь күнинен баслап Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 291-статьясына, транспорт қуралларын услап турыў ҳәм тексериўден өткериў тийкарлары ҳәм тәртибине өзгерис киргизилди.

 

Нызамға муўапық, транспорт басқарыўшылардың транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси қасында болмаса, транспорт қуралларын услап турыў әмелияты бийкарланбақта. Яғный, буннан былай қамсызландырыўы болмаған транспорт басқарыўшысына жәрийма салынады, оның басқарыўындағы автомашина болса жәрийма майданына алып кетилмейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.