Усы жылдың 27-сентябрь күни социаллық тармақларда Нөкис қаласындағы И.Кәримов гүзарында транспорт басқарыўшысы биринши мәрте үзик сызықлы жолдан кесип өткенинде жол-патруль хызметкери жәрийма салғаны, бирақ екинши мәрте және өткенинде ЖПХ инспекторы ҳеш қандай реакция билдирмегени ҳаққында видео тарқалды.

 

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, видеодағы жол-патруль инспекторына хызмет тексериўи тайынланған. Бул ҳаққында және қосымша мағлыўмат бериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.