Бүгин республикамыз аймағында алағат бултлы ҳәм салыстырмалы жыллы ҳаўа сақланып қалмақта. Күндизги температура усы күнниң климатлық нормаларынан бираз төмен болып, 20-25 градусқа шекем көтерилди.

 

«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, 29-30-сентябрь күнлери республикамыз аймағында бәлентликтеги циклон тәсири сақланып турады. Бултлы ҳаўа райы болыўы күтиледи.

 

29-сентябрьде Өзбекстанның көпшилик ўәлаятларында жаўын-шашын болады, бирақ Қарақалпақстанда жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

 

29-30-сентябрьде күндизги температура 15-20 градусқа шекем төменлейди, бул климатлық нормалардан 6-8 градусқа төмен болып есапланады.

 

1-3-октябрьде республикамыз бойлап ҳаўа райы жаўын-шашынларсыз өтеди. Айрым орынларға думан түсиўи мүмкин. Түнде ҳәм азанда салқын ҳаўа ағымының тәсири сақланып турады. Температура 5-8 градусқа шекем төменлейди. Күндизги қуяш нурлары ҳаўаны әсте жылытып, температура 22-25 градусқа шекем көтериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.