Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги төлемли контракт пулларын төлеўде студентлерге берилген 10 процентлик шегирмелер бойынша ең көп берилген сораўларға жуўапларды жәриялады.

 

10 процентлик шегирме қайсы билимлендириў түри бойынша оқыйтуғын студентлерге бериледи?

 

Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының бакалавриат ҳәм магистратурасында күндизги билимлендириў формасында төлемли контракт тийкарында билим алатуғын барлық студентлерге контракт шәртлерин орынлаўда әмелдеги базалық төлемли контракт (стипендиясыз бөлегинен) муғдарына тең болған 10 процентлик шегирме берилди.

 

Екинши қәнигеликте оқыйтуғын студентлерге де шегирме бериле ме?

 

Егер де студент екинши қәнигеликте билимлендириўдиң күндизги формасында төлемли контракт тийкарында оқып атырған болса, әлбетте, бериледи.

 

Сыртқы ҳәм кешки билимлендириў формасында да усы имканият бериле ме?

 

Шегирмелер мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқыйтуғын студентлер ушын берилиўи белгиленген.

 

Шегирмелер мәмлекетлик емес ҳәм сырт еллердиң жоқары оқыў орынлары, қоспа билимлендириў бағдарларына да әмел ете ме?

 

10 процентлик шегирме тек ғана мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына енгизиледи. Мәмлекетлик емес ҳәм сырт еллердиң жоқары оқыў орынларында, сондай-ақ, қоспа билимлендириў бағдарламаларында оқыў процесин шөлкемлестириў менен байланыслы барлық мәселелер шөлкемлестириўшилер және сырт елли бирге ислесиўшилер менен келисилген ҳалда әмелге асырылады. Солар қатарына оқытыў баҳалары ҳәм төлемди әмелге асырыў түрлерин белгилеў де киреди.

 

10 процентлик шегирме келеси оқыў жылында да әмел ете ме?

 

Бул жеңиллик министрлик тәрепинен Қаржы министрлиги менен биргеликте пандемия шараятында халықтың төлеў қәбилетиниң төменлегенин есапқа алып, ҳәзирги ўақытта белгиленген базалық төлемли контракт муғдарлары оқытыўдың минимал қәрежетлерин қапламай атырғанына қарамастан, перзенти төлемли контракт тийкарында оқыйтуғын шаңарақларға жеңиллик жаратыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2020-2021-оқыў жылы ушын енгизилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.