Бүгин жер жүзин қорқынышқа салып атырған коронавирус инфекциясына қарсы гүресиўде биринши гезекте шыпакерлер, барлық медицина хызметкерлери пидайылық көрсетпекте.

Усы жылдың 23-сентябрь күни Шымбай районындағы медицина бирлеспесинде COVID-19  пандемиясы менен наўқасланғанларға жәрдем көрсетиўге  бағышланған әмелий оқыў семинары өткерилди.

Оған Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир ҳәм Кегейли, Бозатаў районларының шыпакерлери қатнасты.

Семинарды Ташкент Педиатрия институтының оқытыўшысы Зафар Сафаров видеоролик жәрдеминде алып барып, COVID-19 дың дәслепки белгилери, оның алдын алыў ҳәм емлеў усыллары ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.

– Коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў бойынша  елимиздиң барлық аймақлары қатарында бизиң районымызда да системалы жумыслар жолға қойылған. Бүгинги оқыў семинарына қатнасқан тәжирийбели шыпакерлерден көп нәрселерди үйрениўге еристик, – дейди районлық медицина бирлеспесиниң баслығы Айбек Тәжимуратов. Семинар даўамында COVID-19 бенен наўқасланған, емленип атырған наўқасларды емлеў, әмелий жәрдем көрсетиў, қәнигелер таярлаў ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди.

Оқыў семинары 3 күн даўам етеди ҳәм шыпакерлерге сертификатлар тапсырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги