Усы жылдың 2-19-сентябрь күнлери аралығында Өзбекстан мәмлекелик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының бакалаврият билимлендириў бағдарына ҳүжжет тапсырған абитуриентлердиң быйылғы оқыў жылындағы дөретиўшилик имтиханлары жуўмақланды.

Быйылғы жаңа оқыў жылында филиалға 9 тәлим бағдары бойынша жәми 424  абитуриент  дизимнен өткен болып, 381 абитуриент имтиханларға қатнасты. 43 абитуриент белгисиз себеплерге бола, имтиханларға келмеген.

Дөретиўшилик (кәсиплик) имтиханлар пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде  өткерилди.

Мағлыўмат ушын, усы жылғы күндизги ҳәм сыртқы бөлимлерге  9 билимлендириў бағдары бойынша  300 студент қабыл етилиўи белгиленген. (Күндизги бөлимге 225, сыртқы бөлимге 75)

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги