Бүгинги күнде бәршениң итибары атызларда жетистирилген пахта өнимин сепситпей жыйнап алыўға қаратылған. Дийқанлар атызларда топланған мол зүрәәтти терип алыў мақсетинде тынбай мийнет етпекте. Исленген мийнетлер нәтийжесинде шәртнамалық режени орынлап, жеңиске ерисиўге ҳәрекет етип атырған фермер хожалықларының саны артып бармақта.

Быйыл Елликқала районындағы «Бобур-Гөззал» фермер хожалығы пахтакешлери 70 гектар жерге пахта егип, ғаўашаны белгиленген агротехникалық илажлар тийкарында тәрбиялап, 160 тонналық ақ алтын жыйнап алыўды нийет еткен. Бүгинги күнде бул фермер хожалығында да пахта зүрәәтин набыт етпестен тез арада жыйнап алыўға кирисилген. Фермер хожалығының жәми 95 жумысшысы қол қаўыстырып отырмастан, пазта атызларында мийнет етпекте. Быйыл терип тапсырылатуғын ҳәр бир килограмм пахта ушын биринши теримде мың сум, екинши теримде 1400 сум ҳақы берилиўи теримде қатнасып атырғанлардың материаллық мәпдарлығын ҳәм хошаметлениўин арттырыўы  сөзсиз.

– Бизлер «Бобур-Гөззал» фермер хожалығында пахта териминдемиз, -дейди Муҳаббат Алламова. – Бул жерге өзимиздиң қәлеўимиз бенен, үйде бийкар отырғаннан шаңарағымыздың дәраматына дәрамат қосайық, деген мақсетте келдик. Пахта мол, күнине 130-150 килограммнан терип тапсырып турмыз. Ҳәр бес күнде пахта териминиң пулы берилип атыр.

Гүзги зүрәәттиң қандай болыўы жыл даўамында дийқанның ислеген мийнетине байланыслы. Усы ҳақыйқатты аңлаған фермер хожалығы да быйыл бәҳәрде ислеген мийнетлериниң нәтийжесин қырманның берекетинде көрмекте. Бүгинги күнге шекем мәмлекетке 60 тоннадан аслам сапалы пахта тапсырыўға ерискен фермер хожалығының баслығы Бекмамат Рўзимов қалған режени де тез арада орынлаўды режелестирген.

– Теримшилеримиз бүгинги күнге шекем 70 гектардың 35 гектарындағы зүрәәтти терип алыўға еристи, -дейди ол. -Фермер хожалығымызда шәртнама бойынша 55 жумысшы ислеп атырған болып, және 30-40 аўылласымыз өзлериниң қәлеўи менен зүрәәтти жыйнап алыўға жәрдемге келди.

Фермер хожалығында  пахта  жыйын-терими жумыслары қызғын алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги