2014-жылы интенсив усылда балық жетистириўди басқышпа-басқыш жолға қойыў, бар суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланып балықшылық тараўын және де раўажландырыў мақсетинде Төрткүл районында «Супер балықлар» фермер хожалығы шөлкемлестирилген еди.

Фермер хожалығы дәслеп 8 гектарлық жердеги жасалма ҳәўизге ийе болған болса, 2019-2020-жылларда 105 гектар жерге жасалма ҳәўизлер қурылды. Бул жумыслар ушын шөлкемлестириўшилер тәрепинен 2 миллиард сумлық қаржы жумсалды.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 6-ноябрьдеги «Балықшылық тараўын буннан былай да раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, тараўды жедел раўажландырыў, балық өнимлерин ислеп шығарыўдың заманагөй ҳәм инновациялық усылларын енгизген ҳалда көлемин арттырыў, тараўды тәртипке салыў бойынша бир қатар нызам ҳүжжетлери қабыл етилди,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Шарўашылықта нәсилшилик жумысын қадағалаў бөлиминиң бас инспекторы Т.Төлепбергенов.  – Ҳәзирги ўақытта олардың орынланыўы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Супер балықлар» фермер хожалығында жасалма түрде көбейтилетуғын инкубациялық, жем ислеп шығарыў имаратлары, насос станциялары қурылып иске түсирилди. Усы имаратлардың қурылысына шөлкемлестириўши тәрепинен 2 млрд. 225 млн. 282 мың сум қаржы жумсалды.

Быйылғы жылдың биринши шерегинде фермер хожалығына хызмет көрсететуғын Ипотека банктен алынған 1 млрд. 115 млн. сумлық кредит есабынан 2 булдозер, шөлкемлестириўшиниң қаржысы есабынан 667 млн. 66 мың сумға 9 эксковатор ҳәм тракторлар сатып алынды.

Фермер хожалығы тәрепинен Россия Федерациясынан бир мәўсимде  300 миллион балық шабақларын жетистирип бериў қуўатлылығына ийе инкубациялық үскенелер алып келип орнатылды. Усы инкубация цехында сазан, ақ амур ҳәм толстолобик балықлары көбейтилип, быйылғы жылдың биринши ярымында 50 миллионнан аслам шабақ жетистирилди ҳәм жасалма ҳәўизлерге жиберилди. Хорезм ҳәм Бухара ўәлаятларына 35 миллионнан аслам балық шабақлары жеткерип берилди. Бул инкубация цехының қуўатлылығы алдағы ўақытлары 6 ўәлаятты балық шабақлары менен тәмийинлеўге жеткериледи.

Бүгинги күнде хожалықта 17 адам турақлы жумыс ислейди. Алдағы ўақытлары инкубация цехы толық иске түсирилгеннен кейин және 50 жумыс орнының ашылыўы күтилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги