Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлигиниң арнаўлы штабы аймақларда халықты ҳәм бюджет мәкемелерин 2020-2021-жылларда гүзги-қысқы мәўсимде электр энергиясы менен тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде Мойнақ районында болды.

Өткен жылдың октябрь айында тутыныўшыларға сапалы хызмет көрсетиў мақсетинде районлық электр тармақлары кәрханасының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылған еди. Барлық қолайлықларға ийе үш қабатлы заманагөй имаратта 120 орынлық холл ҳәм зал қурылған. Буннан тысқары, дизимге алыў жумысларын системалы жолға қойыў ушын заман талабына жуўап беретуғын мониторлар ҳәм бийпул Wi-Fi тармағы да иске түсирилген. Электрон таблода қарыйдарлар ушын қарақалпақ, өзбек ҳәм рус тиллеринде мағлыўматлар берип барылады.

Бүгинги күнге шекем районда тутыныўшыларды гүзги-қысқы мәўсимде турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде 40 километр узынлықтағы электр узатыў тармағы ҳәм 20 трансформатор пункти капитал оңланды. Сондай-ақ, улыўма узынлығы 38 километр болған электр узатыў тармағы ҳәм 6 трансформатор пункти реконструкцияланды. Буннан тысқары, 143 километр электр узатыў тармағы ҳәм 56  трансформатор пункти ағымдағы оңланды.

«Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети Баспасөз хызметиниң шолыўшымызға мәлим етиўинше, республикамызда 2020-2021-жылларда гүзги-қысқы мәўсимде тутыныўшыларға 733,4 миллион кВт. саат электр энергиясын жеткерип бериў режелестирилген. Бул өткен мәўсимге салыстырғанда 67,1 миллион кВт. саатқа ямаса 10,1 процентке көпти қурайды. Республикамыз халқын электр энергиясы менен тәмийинлеў ушын узынлығы 20,4 мың километр болған электр узатыў тармағы ҳәм 4976 трансформатор пунктинен пайдаланылады.

Усы жылдың 1-октябрине шекем 1552,1 километр электр узатыў тармағы ҳәм 443 трансформатор пункти толық оңланады. Бүгинги күнге шекем 52 трансформатор пункти, 60 тонна трансформатор майы ҳәм 49,2 километр кабельдиң резерви таярланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги