Жетистирилген пахта өнимин өз ўақтында жыйнап алыў, кептириў, сақлаў ҳәм қайта ислеў кәрханаларында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў пахта жыйын-терими мәўсиминде әмелге асырылатуғын тийкарғы жумыслар болып есапланады. Өз гезегинде өрт қәўипсизлиги тараўы хызметкерлерине де үлкен жуўапкершилик жүклеп, тийкарғы итибар пахта қабыллаў пунктлерин және пахта тасыўға қатнасатуғын транспорт қуралларын ҳәр тәреплеме мәўсимге таяр жағдайға келтириў, өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў жумысларына қаратылады.

Себеби, пахта жеңил ҳәм тез жаныў қәсийетине ийе болып, жаныў ўақтында оны өшириўде өзине тән қыйыншылықлар жүзеге келеди. Соның ушын да мәўсим даўамында өрт қәўисизлигин тәмийинлеў, жыйнап алынған өнимди набыт етпестен сақлаў мақсетинде бир қатар талапларға қатаң әмел етиў керек болады.

– Пахта бунтларында өрт тийкарынан кишкене механизмлердиң насазлықлары ҳәм электр тармақларынан қағыйдаға муўапық пайдаланбаў ақыбетинде келип шығады. Ҳәр бир механизмнен пайдаланыўда техникалық қағыйдаларға ҳәм ислетиў даўамында өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў лазым,-дейди Шоманай районы Айрықша жағдайлар бөлими баслығының орынбасары, аға лейтенант Г.Режепов. – Ескирген ҳәм арнаўлы тексериўден өткерилмеген сым ҳәм кабельлерден пайдаланбаў, электр тармақларын бөлистириў коробкаларындағы сақлағышлардың орнына жасалма үскенелерди жалғамаў, пахта бунтларын өртке қарсы аралық қағыйдада көрсетилгендей етип жайластырыў керек. Пахта қабыллаў пунктлери дәслепки өрт өшириў қураллары менен жетерли дәрежеде толық тәмийинлениўи ҳәм техникалық сазлығы тексерилип турылыўы, өртке қарсы суў тәмийнаты саз жағдайда болыўы, сондай-ақ, өртке қарсы қаратылған баннер ҳәм плакатлардың орнатылыўы тийис. Темеки шегиў қадаған белгилери орнатылып, шығыў ушын арнаўлы орынлар ажыратылыўы, жумысшыларға өртке қарсы темаларда көрсетпелер берип барылыўы сыяқлы әпиўайы талаплар орынланып барылыўы мақсетке муўапық болады.

Буннан тысқары, пахта тасыўға қатнасатуғын транспорт қуралларының техникалық жағдайын жақсылаўға, ушқын сөндиргиш, өрт өширгиш ҳәм шалшалар менен жетерли муғдарда тәмийинлеўге, техникалық жақтан насаз болған ҳәм жалын сөндиргиш пенен тәмийинленгенбеген транспорт қуралларының пахта қабыллаў пунктлерине киргизилиўине жол қоймаўға айрықша итибар қаратыўымыз керек.

Район аймағында жайласқан пахта қабыллаў пунктлеринде өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде районлық айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери тәрепинен орынларда профилактикалық тексериўлер өткерилип, ол жерде ислеўши хызметкерлер менен түсиник жумыслары алып барылды. Пахта қабыллаў пунктлеринде турақлы түрде қадағалаў жумысларын әмелге асырыў мақсетинде дүзилген кеўилли өрт өшириў дружиналарының жаўынгерлик таярлығын арттырыў, олар менен биргеликте әмелий өрт өшириў шынығыўларын өткерип, жүз бериўи мүмкин болған өртлерде олардың дәслепки ҳәрекетлерин үйрениў, өрт өшириў қурылмаларының сазлығы тексерилип барылмақта.

«Пахта-2020» жыйын-терими мәўсими даўамында өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў жумыслары күшейтилген тәртипте даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги