Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-сентябрь күни суў хожалығында үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Регионымызда суўдың там-тарыслығына байланыслы жағдай жылдан-жылға шийеленисип бармақта. Соңғы 10 жылда, мысал ушын, Өзбекстанда суўдың көлеми 12 процентке, өткен жылғыға салыстырғанда быйылғы жылы 15 процентке азайған.

Пахта ҳәм ғәлле жетистириў ушын жумсалып атырған электр энергиясы және суўды жеткерип бериў қәрежетлери де көп. Атап айқанда, 2,5 миллион гектар атызды суўғарыў ушын 5 мыңнан аслам насос ислетилип, жылына 8 миллиард киловатт саат энергия ҳәм 2,4 триллион сум бюджет қаржылары жумсалмақта. Бир гектар жерге суўды насослар арқалы жеткерип бериў ушын бюджеттен орташа 800 мың сум қәрежет жумсалып атыр. Қарықлап суўғарыў ақыбетинде жылына дерлик 5-6 миллиард куб метр ямаса 20 процент суў атызда зая болмақта.

Бундай шараятта суўды үнемлеў ҳәм есабын жүргизиў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли мәселеге айланды. Өткен еки жылда Президент ҳәм ҳүкиметтиң бул тараўға байланыслы 11 қарары қабыл етилип, барлық шараят жаратылып берилди.

Бирақ, мәжилисте атап өтилгениндей, орынланған жумыслар имканият дәрежесинде емес. Мәселен, усы ўақытқа шекем 285 мың гектар, яғный тек ғана 7 процент суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген. Бул бағдарда, әсиресе, Қашқадәрья, Бухара, Хорезм ўәлаятларында артта қалыўшылық  бар. Фурқат, Бўка, Чиназ, Сардоба, Тахтакөпир, Қараөзек, Касби, Қизириқ, Музработ районларында суўды үнемлейтуғын бир де бир жойбар енгизилмеген.

Сонлықтан видеоселекторда суў хожалығындағы жумыслар Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаят ҳәм районлар кесиминде сын көзқарастан талланып, гезектеги ўазыйпалар додаланды. Келеси жылы суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўди 600 мың гектарға жеткериў реже етип қойылды. Оның ушын мәмлекетлик бюджеттен зәрүр қаржы қаратыў, интакерлер қәрежетиниң бир бөлегин қаплаў ушын субсидия бериў, сондай-ақ, халықаралық қаржы шөлкемлериниң ресурсларын тартып, потенциаллы фермер хожалықлары ҳәм кластерлерге коммерциялық банклер арқалы кредит ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди.

Суўды үнемлейтуғын технологиялардың қамтып алыныўы кеңейиўи менен оларды ислеп шығарыўға да талап артады. Бирақ, елимизде усыған қәнигелескен 13 кәрхананың қуўатлылығы келеси жылдағы талаптың ярымын қаплаўға да жетпейди. Сонлықтан жуўапкерлерге Самарқанд, Ташкент ҳәм Наманган ўәлаятларында суўды үнемлейтуғын технологиялар ушын үскенелер ислеп шығаратуғын кәрханалар шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Тараўдағы және бир инновация – кластерлер 3 мың гектардан аслам егислик жерлерди лазер жәрдеминде тегислеў арқалы суўдың жумсалыўын 20-25 процент, төгинди 15 процент үнемлеўге, өнимдарлықты кеминде 10 процентке арттырыўға ерискен. Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени кеңнен қолланып, пахта, ғәлле ҳәм салы атызларын лазер жәрдеминде тегислеў  әҳмийетли екенлигин атап өтти. Қаржы министрлигине бул технологияны енгизиўге Аўыл хожалығы қорынан кеминде 250 миллиард  сум кредит ажыратыў тапсырылды.

Усы жылы Төменги Шыршық, Нарпай, Булунғур, Сардоба, Нишон, Касби районларында суў хожалығы объектлери жеке меншик шериклик тийкарында исбилерменлерге берилип, үлги жойбар әмелге асырылмақта. Бул арқалы усы объектлер модернизацияланып, эксплуатация қәрежетлери бир қанша қысқарады. Мәжилисте бундай жойбарларды басқа аймақларда да енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Суўдың зая болыўына себеп болып атырған машқалалардан және бири сол, бүгинги күнде 3 мыңнан аслам суў өлшеў постларының тек ғана 2  проценти, 400 ири суў объектиниң 2,5 процентинде басқарыў системасы автоматласқан. Сонлықтан Суў хожалығы министрлигине жылдың ақырына шекем 150, келеси жылдан барлық өлшеў постларында суўды онлайн режимде қадағалайтуғын автоматласқан  система енгизиў ўазыйпасы жүкленди.

Бизге белгили, быйылғы жылдан аўыл хожалығы кәрханаларына суў салығы бойынша берилген жеңилликлер бийкар етилди. Соның менен бирге, суўдан пайдаланғаны ушын салық ставкасы 50 процентке қысқартылды. Президент усы азайтылған ставканы келеси жылы да сақлап қалыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Суўғарыў нормаларын есаплаў методикасын БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң (ФАО) талапларына бейимлестириў, суў есаплағышлар орнатқан тутыныўшыларды хошаметлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

«Өзбекбалықсанаат» ассоциациясына коллектор суўларында балықшылықты раўажландырыў бойынша тапсырма берилди.

Наманган тәжирийбеси тийкарында гидрогеологиялық излеўлерди кеңейтип, жер асты суўларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте суў хожалығы тараўында илим ҳәм билимлендириўди раўажландырыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратылды. Ирригация ҳәм мелиорация объектлерин қурыў және реконструкциялаў жумысларына илимий хызметкерлерди бириктириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул арқалы илим ғайраткерлери объектлердиң жойбаралды ҳүжжетлерин таярлаўдан оларды пайдаланыўға тапсырыўға шекем болған процесслерде қатнасып, қурылыс жумысларын илимий-техникалық жақтан бақлап барады. Илим ҳәм әмелияттың үйлесиўи тәмийинленип, келешектеги жойбарлар пухта ислеп шығылыўында жәрдем береди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлери мәлимлеме берди.

 

ӨзА