Республикамызда 2021-жылдың өними ушын 53 мың гектар жерге бийдай егилиўи режелестирилген. Егис мәўсимине 900 ден аслам трактор, 156 егис сеялкасы, 173 минерал төгинлерди себетуғын үскенелер таяр жағдайға келтирилип, бийдай егиў жумыслары баслап жиберилди. Бүгинги күнге келип 11358 гектар майданға гүзги бийдай егилди ҳәм бул жумыслар арнаўлы график бойынша даўам етпекте.

– Бүгинги күнде ғаўаша атызларында дефолиация илажларын нәтийжели өткериў мақсетинде 272 ОВХ бүркегиш оңлаўдан шығарылды,-дейди «Өзагроинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Техника жағдайын ҳәм агротехникалық илажларды қадағалаў бөлиминиң аға инспекторы Д.Бабажанов. – Дефолиация жумысларын сапалы әмелге асырыў мақсетинде дефолиация өткерилиўи белгиленген 66662 гектардағы пахта майданында инспекция ўәкиллиги шеңберинде қадағалаў жумыслары әмелге асырылып, анықланған кемшиликлер сапластырылып барылды.

Соның нәтийжесинде, бүгинги күнге келип 64631 гектар ғаўаша атызларында дефолиация жумыслары толық ҳәм сапалы әмелге асырылды.

Сондай-ақ, 1135 транспорт тракторы оңланып, мәўсимге таярланды. 2317 трактор тиркемелерине нур қайтарғышлар, қәўипсизлик шынжырларының орнатылыўы тәмийинленди ҳәм оңлаўдан шығарылды.

Арнаўлы комиссия тәрепинен орынларда техникалардың таярлығын үйрениў жумыслары әмелге асырылып, пахта жыйын-терими мәўсими ушын 1606 теримшилер отряды шөлкемлестирилди. Олардың ҳәр бирине трактор ҳәм тиркемелер бириктирилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги